Ушырасыўда саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм қоспа кәрханаларды шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Кот-д‘Ивуар тәрепи инвесторлар ушын 300 мың гектар жер ажыратылатуғынын мәлим етти. Олар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 40 жыл мүддетке ижараға бериледи. Тийкарғы бағдарлары - шарўашылық, балықшылық, салы жетистириў.

Буннан тысқары, мәмлекетимизде азық-аўқат санаатын "ҳалал" стандартларына өткериў жумыслары жедел алып барылмақта. Бул "ҳалал" минерал төгинлер ҳәм аўыл хожалығы техникаларына талап жоқары екенин, Өзбекстан өнимлерин экспорт етиў ушын жаңа имканиятлар ашылып атырғанын билдиреди.

Сөйлесиўлерде биргеликте зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, сондай-ақ, какао ҳәм кешти қайта ислеў ҳәм транзит саўдасын шөлкемлестириў перспективалары да көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағында бул бағдарларда әмелий бирге ислесиўди баслаўға келисип алынды.