Тәреплер темир жол ҳәм автомобиль тасыўлары, ҳаўа қатнаўлары ҳәм порт хызметлери тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалады. Мәмлекетлеримиз арасында транспорт тараўындағы стратегиялық бирге ислесиўдиң унамлы пәти атап өтилди.
Атис Швинк Өзбекстанға дәслепки сапары екенин атап өтип, мәмлекетимиз бенен қатнасықлардың кейинги басқышларын белгилеп алыў мақсетинде екенин билдирди. Латвия тәрепи авиарейслерди көбейтиў, жүк тасыў көлемин арттырыў ҳәм электрон коммерцияны раўажландырыўдан мәпдар.
Өзбекстан тәрепи санлы транспорт ҳүжжетлерине өтиў, автотранспортта жүк тасыў ушын рухсатнама бланкаларының санын көбейтиў ҳәм транзит тасыўлар ушын рухсатнамасыз системаны енгизиў мәселелерин көтерди.
И.Маҳкамов Шығыс - Батыс ҳәм Қубла бағдарындағы халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў ҳаққында айтып, Латвияны олардың потенциалын арттырыў бойынша биргеликте илажлар көриўге шақырды.