Бул баслама биологиялық көп түрлиликти сақлап қалыўдың ең әҳмийетли машқалаларынан бири - биринши гезекте, ишки пайдаланыў, соның ишинде, аң аўлаў, тутыў ҳәм жергиликли саўда менен байланыслы болған көшип жүриўши түрлерди нызамсыз ҳәм турақсыз алыўды шешиўге қаратылған. CMS Конвенциясына муўапық, бул фактор оның Қосымшаларына киргизилген түрлердиң үлкен бөлегине үлкен қәўип туўдырады.
GTI CMS коньвенциясы шеңберинде әмелге асырылады ҳәм нызамшылықты жетилистириў, мониторинг системаларын раўажландырыў, жергиликли жәмийетшиликти тартыў ҳәм хабардарлық дәрежесин арттырыўды өз ишине алған комплексли қатнасты нәзерде тутады. Өзбекстан Республикасы басламаны қоллап-қуўатлады ҳәм оны әмелге асырыўда қатнасып атырған мәмлекетлер қатарына кирди.
Илаж даўамында Өзбекстан тәрепи түрлерди нызамсыз алыў машқаласының әҳмийетлилигин, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлигин атап өтти. Атап өтилгениндей, Өзбекстан аймағында сайғақ, жейран, қулан ҳәм қар барысы сыяқлы көшип жүриўши түрлер жасап, оларды сақлап қалыў миллий ҳәм трансшегаралық дәрежелерде келисилген ҳәрекетлерди талап етеди.
Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў тараўында ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти күшейтиў бойынша көрилип атырған илажларға айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан, сондай-ақ, халықаралық шериклер менен әмелий бирге ислесиўге ҳәм сақлаў бойынша Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин тастыйықлады.