Ушырасыў "Турақлы тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық жолында 25 жыл биргеликте" сүрени астында өткерилди ҳәм глобал қәўип-қәтерлер күшейип баратырған шараятта экологиялық бирге ислесиўди беккемлеўге бағышланды. ШБШ регионының турақлы раўажланыўына үлкен қәўип туўдырып атырған климат өзгериўи, жерлердиң деградациясы, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, биологиялық көп түрлиликтиң жоқ болып кетиўи ҳәм экстремал тәбийғый ҳәдийселердиң көбейиўи мәселелери дыққат орайында болды.
Мәжилисте шығып сөйлеген Жусипбек Казбеков Қырғызстан Республикасына табыслы басшылық еткени ҳәм илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириў, тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат турақлылығын арттырыў тараўында қоспа басламаларды әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Өзбекстан тәрепи мәмлекетте әмелге асырылып атырған "жасыл" трансформация, соның ишинде, Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғайлар жаратыў бойынша кең көлемли жойбарлар, 2028-жылға шекем ҳәр жылы 200 миллион түп терек егиў, ботаника ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын "Жасыл мәкан" улыўма миллий басламасын усыныс етти.
Буннан тысқары, елимизде экологиялық жағдайды жақсылаў, тәбиятты қәстерлеп-сақлаў мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған "Таза ҳаўа", "Шығындысыз аймақ", "Эко мәденият", "Биологиялық мийрас" миллий жойбарлары әмелге асырылмақта.
Өзбекстан регионаллық экологиялық бирге ислесиў платформасы сыпатындағы ролин, соның ишинде, Самарқандта ири халықаралық илажларды өткериў ҳәм Глобал экологиялық фондтың (ГЭФ) 8-ассамблеясына, сондай-ақ, Eco Expo Central Asia көргизбесине таярлық көриў арқалы беккемлеўди даўам еттирип атырғаны атап өтилди.
Ушырасыў шеңберинде Өзбекстан бир қатар жаңа басламаларды алға қойып, олардың қоллап-қуўатланыўы ҳәм тез пурсатта қабыл етилиўине үмит билдирди. Олардың арасында:
ШБШға ағза мәмлекетлер арасында Климат өзгериўи бойынша келисим жойбары;
Климат өзгериўи мәселелери бойынша арнаўлы жумысшы топарды шөлкемлестириў;
Экологиялық қәўип-қәтерлерди прогнозлаў ушын климат өзгерислерине бейимлесиў, декарбонизация ҳәм жасалма интеллектти қолланыў бойынша регионаллық платформаны иске қосыў.
Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан тәрепи және де муўапықластырылған экологиялық сиясатты қәлиплестириў ушын ШБШға ағза мәмлекетлердиң позицияларын және де жақынластырыў, сондай-ақ, Шөлкем мәканында климат өзгериўи ақыбетлериниң алдын алыў, тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў ҳәм "жасыл" трансформацияны алға қойыўға қаратылған бағдарламаларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Ушырасыў қатнасыўшылары мәжилис жуўмақлары ШБШ регионының экологиялық қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм турақлы раўажланыўына салмақлы үлес қосатуғынына исеним билдирди.