Илаждың мақсети Орайлық Азияда көшип жүриўши сүт емизиўшилерди сақлап қалыў бойынша регионаллық бирге ислесиўди алға қойыў, сүт емизиўшилер бойынша Орайлық Азия басламасын (CAMI) әмелге асырыўды додалаў, түрлер ҳәм олардың жасаў орынларын сақлап қалыў бойынша жаңа көзқарасларды таныстырыўдан ибарат.

Сайд-ивент Өзбекстан тәрепинен шөлкемлестирилди ҳәм регионаллық экологиялық күн тәртибин әмелге асырыў ҳәм CMS шеңбериндеги трансшегаралық бирге ислесиўди раўажландырыўда мәмлекеттиң жетекши ролин атап өтти.

CMS атқарыўшы хаткери Эми Френкель ҳәм Wildlife Conservation Society вице-президенти Сьюзан Либерман CAMI биоҳәртүрлиликти сақлап қалыў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыўдың тийкарғы регионаллық механизми сыпатында әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Өзбекстаннан Зарафшан миллий тәбият бағы директорының илим бойынша орынбасары Наталья Мармазинская шығып сөйледи. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде аймақлық көзқарас ҳәм тийкарғы трансшегаралық тәбиятты қорғаў аймақларын ажыратыўға тийкарланған 2026-2032-жылларға мөлшерленген CAMI жумысының жаңа бағдарламасы менен таныстырды.

Өзбекстанның әмелий нәтийжелерине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Бухара кийигиниң популяциясы тикленип атырғаны атап өтилди: оның саны 2015-жылдағы 2780 ден 2025-жылы 5000 нан асламға шекем көбейди, бул популяцияны қорғаў, мониторинг етиў ҳәм басқарыў бойынша избе-из илажлардың нәтийжеси болып табылады.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның тарғыл сыйыранды CMS I ҳәм II қосымшаларына киргизиў бойынша биргеликтеги басламасы өз алдына блок сыпатында таныстырылды. Есабатты NABU ўәкили Жошуа Шлютер усынып, саны азайып баратырған ҳәм 10 мыңнан аз деп баҳаланып атырған түрди сақлап қалыў бойынша ҳәрекетлерди халықаралық муўапықластырыў зәрүрлигин тийкарлады.

Панел додалаў шеңберинде халықаралық экспертлер жайлаўларды турақлы басқарыў ҳәм олардың көшип жүриўши түрлерди, соның ишинде, сайғақты сақлап қалыўға тәсири, сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликти сақлап қалыў тараўында глобал сиясатты күшейтиў зәрүрлигин додалады.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар Өзбекстан 2032-жылға шекемги дәўирде CAMI баслығы сыпатында регион күн тәртибин қәлиплестириў, трансшегаралық бирге ислесиўди беккемлеў, тәбиятты қорғаў бағдарындағы басламаларды миллий ҳәм халықаралық стратегияларға интеграциялаўда тийкарғы роль атқарып атырғанын атап өтти.

Өткерилген сайд-ивент Өзбекстанның глобал экологиялық процесслерге тартылыў дәрежеси жоқары екенин көрсетти ҳәм оның Орайлық Азияда био ҳәртүрлиликти сақлаў тараўында жетекшилерден бири екенин тастыйықлады.