Илажда дерлик 100 мәмлекет, соның ишинде, 40 мәмлекеттиң жетекшилери қатнасты.
Ушырасыўдың орайлық темасы ноябрь айында Бразилияның Белен қаласында болып өтетуғын БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы рамкалы конвенциясы тәреплериниң болажақ конференциясына таярлық мәселеси болды.
Саммит даўамында жәҳәндеги ыссыхана газлери шығарылыўының үштен еки бөлегин қурайтуғын Париж келисимине ағза мәмлекетлер жаңаланған миллий үлеслерди (NDCs) усыныс етти ямаса таярлаў ҳаққында жәриялады. Биринши мәрте ири экономикалар, соның ишинде, Қытай ҳәм Нигерия барлық тармақларда шығындыларды қысқартыў бойынша кең көлемли мақсетлерди жәриялады. Басқа мәмлекетлер қайта тиклениўши энергетика, метан шығындыларын қысқартыў, тоғайларды қорғаў ҳәм қазылма байлықлардан басқышпа-басқыш ўаз кешиў бойынша жаңа бағдарларды белгилеп алды.
Бирақ, қәнигелердиң ескертиўинше, бул илажлар климат апатшылығының алдын алыўда жетерли болмай қалыўы мүмкин.
«Ставкалар буннан жоқары болыўы мүмкин емес», деген БМШ ўәкили өткен жаз даўамында дүнья жүзи "материклерди ўайран етип атырған" суў тасқынлары, қурғақшылық ҳәм рекорд дәрежедеги ыссылық толқынларына дус келгенин еслетип өтти.
Илимпазлардың атап өтиўинше, инсан ҳәрекети ақыбетинде жүзеге келип атырған глобал ысыў климатлық апатшылықлардың көлемин күшейтпекте ҳәм келешекте және де аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
БМШ Бас хаткери өзиниң шығып сөйлеген сөзинде "илим ҳәрекетлерди талап етеди, экономика исендиреди, адамлар болса оларға шақырады", деп атап өтти. Оның атап өтиўинше, таза энергетикаға өтиў жаңа жумыс орынларын ашыў, экономикалардың турақлылығын беккемлеў ҳәм турақсыз қазылма жанылғы базарларына байланыслылықты азайтыў имканиятын береди. Оның атап өтиўинше, COP30 дүнья жүзи Париж келисиминиң мақсетлерине ерисиў бойынша "исенимли глобаллық ҳәрекетлер режесин" ислеп шығатуғын бурылыс дәўири болыўы керек.
Саммитте Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң орынбасары Жусипбек Казбеков шығып сөйлеп, Өзбекстанның жетискенликлери ҳәм режелери менен таныстырды. Оның атап өтиўинше, әмелдеги ЕКШМ (NDC 2.0) шеңберинде республика өз миннетлемелерин дерлик орынлап, 2030-жылға барып ыссыхана газлериниң шығындыларын 34,8 процентке қысқартыўға еристи. Ҳәзирги ўақытта Белен қаласында болып өтетуғын COP30 да таныстырылатуғын жаңа ЕКШМ 3.0 бойынша жумыслар жуўмақланбақта.
Сондай-ақ, Өзбекстанның тийкарғы мақсетлери таныстырылды:
қайта тиклениўши энергияны генерациялаў қуўатлылығын 25 000 МВт ға шекем арттырыў ҳәм бес жылда оның энергия балансындағы үлесин 54 процентке жеткериў;
экономиканың барлық тармақларында энергия нәтийжелилигин 2 есеге арттырыў;
қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў дәрежесин 95 процентке жеткериў, соннан 35 процентин қайта ислеп, энергия алыў;
тоғай массивлерин 6,1 млн. гектарға шекем кеңейтиў, соның ишинде, Аралбойында үлкен көлемде тоғайларды қайта тиклеў;
айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың үлесин мәмлекет майданының 14,5 процентине шекем арттырыў;
2050-жылға шекем углерод нейтраллығына ерисиў.
Атап өтиў орынлы, Париж келисимине муўапық, мәмлекетлер ҳәр бес жылда өзлериниң миллий белгиленген үлеслерин (NDC) жаңалап барыўы ҳәм мәлим етиўи шәрт. 2035-жыл ушын мақсетлерди усыныў мүддети февраль айында өткен болса да, ҳәзирги күнге шекем тек ғана 47 мәмлекет өз миннетлемелерин усыныс еткен - бул глобаллық шығындылардың дерлик 24 проценти. Ири эмитентлер, соның ишинде, Европа Аўқамы ҳәм Ҳиндстан елеге шекем артта қалмақта, усынылған режелердиң айырымлары болса сынға алынбақта. Усы мүнәсибет пенен Нью-Йорктағы саммит ҳәм Белен қаласында өткерилетуғын COP30ға итибар артпақта, себеби сол жерде жәҳән климат сиясатының кейинги қәдемлери белгиленеди.
Нью-Йорктағы климат саммити Бразилияда болып өтетуғын COP30 ушын әҳмийетли қәдем болды. Билдирилген басламалар ҳәм жаңа миннетлемелер глобаллық қәўип-қәтерлер ҳәм анықсызлыққа қарамастан, мәмлекетлер климат өзгериўине қарсы гүресиўде исенимли екенин көрсетпекте.










