Илажда Өзбекстан Республикасы Туризм комитети баслығының орынбасары С.Таджиев қатнасып, мәмлекетимиздиң туризм тараўын трансформациялаў стратегиясы ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа форматлары менен таныстырды.
С.Таджиев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан дәстүрий мәдений-ағартыўшылық туризмнен тысқары көп тармақлы туризм экономикасын қәлиплестирип атырғанын атап өтти. Жедел раўажланып атырған бағдарлар арасында гастрономиялық, илажлар, медициналық ҳәм wellness-туризм, экологиялық маршрутлар ҳәм заманагөй қала туризми бар.
Уллы жипек жолы бойлап бирден-бир туристлик коридорын жарататуғын "Ташкент - Самарқанд - Бухара - Хийўа" тезжүрер темир жолын иске қосыў, сондай-ақ, туристлердиң трансфер ўақытын қысқартыў мақсетинде Үргенш аэропорты ҳәм Хийўа арасында заманагөй автомобиль жолын қурыў сыяқлы инфраструктуралық жойбарларға айрықша итибар қаратылды.
Сессияның тийкарғы темасы жаңа туристлик өнимлерди қәлиплестиретуғын тармақлараралық бирге ислесиўлер болды. Қатнасыўшылар ЮНЕСКО объекти жанында толық экосистема - Хорезм ўәлаятында «Arda Khiva» туристлик кластерин иске қосыў мәселесин додалады.
Буннан тысқары, "ЮТэйр - Пассажирские авиалинии" авиакомпаниясының президенти О.Семёнов пәрўазлар бағдарламасын кеңейтиў ҳәм Россия аймақларынан Үргеншке жаңа рейслерди жолға қойыў режелери ҳаққында айтып берди.