Илаж Әзербайжан, Қазақстан, Украина ҳәм Өзбекстан делегацияларын Глобал экологиялық фонд (GEF) ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Санаатты раўажландырыў шөлкеми (UNIDO) тәрепинен қоллап-қуўатланып атырған басламаны келисиў ушын бирлестирди.

Жойбар санаат, агроазық-аўқат тармақлары ҳәм халыққа исенимли хызмет көрсетиўди тәмийинлеўде климатикалық қәўипсиз суўытыў технологияларына өтиўди жеделлестириўге қаратылған. Глобал ысыў ҳәм аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, қайта ислеў санааты ҳәм саўдада суўытқыш үскенелерине болған талаптың артыўы шараятында суўытқыш тараўын модернизациялаў стратегиялық ўазыйпаға айланбақта.

Ушырасыўда глобал ысыў потенциалы жоқары болған парник газлер - гидрофторуглеродлардан (ГФУ) пайдаланыўды басқышпа-басқыш қысқартыўға айрықша итибар қаратылды. Монреаль протоколына киргизилген Кигали дүзетиўине муўапық, мәмлекетлер оларды әсте-ақырын қолланыўды қысқартыў ҳәм экологиялық альтернативлерге өтиў миннетлемесин алды. Орайлық Азия ҳәм Шығыс Европа мәмлекетлери ушын бул технологиялық модернизация имканиятларын ашады, бирақ инвестицияларды, нормативлик базаны жетилистириўди ҳәм маман кадрлар таярлаўды талап етеди.

UNIDO Монреаль протоколы бөлиминиң басшылары Кигали дүзетиўин өз ўақтында ратификациялаў стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Жақын жылларда ҳүжжетти тастыйықлаған ҳәм тастыйықламаған мәмлекетлер арасында саўда шеклеўлерин енгизиў режелестирилген болып, жаңа технологияларға өтиў бир ўақыттың өзинде экологиялық ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе.

Жойбар шеңберинде бир неше бағдарлар бойынша қатнасыўшы мәмлекетлерди қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылған:

музлатқыш ҳәм кондиционер үскенелерине миллий секторлардың зәрүрликлерин таллаў;

заманагөй энергия үнемлеўши технологияларды көрсетиў;

хладагентлерди жыйнаў, қайта ислеў ҳәм қәўипсиз утилизациялаў системаларын жетилистириў;

институционаллық ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў.

Оқытыў бағдарламалары, билим алмасыў ҳәм регионаллық бирге ислесиў тармақларын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, қаржыландырыў, нызамшылықты үйлестириў ҳәм профессионал компетенцияларды раўажландырыў мәселелери додаланды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер жойбар ҳүжжетин келисип алды ҳәм кейинги қәдемлерди, соның ишинде, техникалық деталларды анықластырыў ҳәм биргеликтеги қаржыландырыўды тастыйықлаўды белгилеп алды. Бул баслама GEFтиң Самарқандта болып өтетуғын Ассамблеясында усынылыўы күтилмекте, бул регион мәмлекетлериниң энергияны үнемлейтуғын суўытыўды алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлерине халықаралық итибарды және де тартыў имканиятын береди.