Самарқандта сийрек ушырасатуғын өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаў бойынша инновациялық шешимлер додаланды

    24 қараша 2025 216

    23-ноябрь күни Самарқандта жабайы ҳайўанлардың тәртипке салынатуғын саўдасы тараўында мониторинг, қаржыландырыў ҳәм әмелий илажлар және CITES CoP20 ның стратегиялық тәсирин арттырыў мәселелерине бағышланған жоқары дәрежедеги сөйлесиў болып өтти.

    Илажды Өзбекстан Президентиниң кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитеттиң баслығы Азиз Абдуҳакимов, CITES бас хаткери Ивонн Игуэро ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фудзи ашып берди.

    Панель сессия шеңберинде Орайлық Азия министрлери биокөптүрлиликти сақлап қалыў бойынша инновациялық шешимлерди додалады. Қатнасыўшылар арасында Қазақстан Экология ҳәм тәбийғый ресурслар министри Ерлан Нысанбаев, Қырғызстан Тәбийғый ресурслар, экология ҳәм техникалық қадағалаў министриниң орынбасары Алмаз Мусаев, IUCN бас директоры Гретель Агилар ҳәм TRAFFIC International бас директоры Ричард Скоби бар.

    Азиз Абдуҳакимовтың атап өтиўинше, жабайы ҳайўанлардың нызамсыз саўдасы дүньядағы ең үлкен жынаятлардан бири болып, ол тек ғана нәшебентлик затлар, қурал-жарақ ҳәм адам саўдасынан кейин турады. 2024-жылғы есабатқа бола, нызамсыз саўда 4 мыңға шамалас өсимлик ҳәм ҳайўан түрлерин қамтып алған, олардан 3 мың 250 түри CITES дизимине киргизилген. Ҳүкиметлер тәрепинен 13 млн.нан аслам товарлар алып қойылды.

    Усыныс етилген илажлар қатарында:

    миллий бағлар, реабилитациялаў ҳәм көбейтиў орайлары, сондай-ақ, жергиликли өсимлик түрлерине жеке меншик сектордың инвестицияларын хошаметлеў;

    биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм жергиликли жәмийетшиликлерди раўажландырыўға хызмет ететуғын тәбийғый туризм басламаларын қоллап-қуўатлаў;

    - экологиялық инженерлер, бажыхана, ветеринария ҳәм карантин хызметлери хызметкерлери ушын билимлендириў бағдарламаларына, соның ишинде, жақында шөлкемлестирилген Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетинде (Green University) тренинглер өткериўге инвестиция киргизиў;

    Атап өтилиўинше, биоҳәртүрлиликти сақлап қалыў ушын әмелдеги қаржы ағыслары жетерли емес: жылына дерлик 143 миллиард доллар, соннан 80-85 проценти мәмлекетлик секторға туўра келеди. Куньмин-Монреаль шеңбериндеги глобал мақсетлерге ерисиў ушын жылына дерлик 824 миллиард доллар зәрүр.

    Сөйлесиў даўамында қатнасыўшылар инновациялық шешимлерди таныстырып, регионда тәбиятты қорғаў бойынша ишки ҳәм халықаралық ресурслар, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик инвестицияларды интеграциялаў бойынша әмелий тәжирийбе алмасты.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates