Бундай қарардың зәрүрлиги ҳәм халықаралық әмелият ҳаққындағы сораўларға Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң темекиге қарсы гүресиў бойынша мәсләҳәтшиси Шуҳрат Шукуров толық жуўап берди.
- Соңғы жыллары дәстүрий темеки өнимлерине альтернатив сыпатында қаралып атырған электрон сигареталар елимизге жедел кирип келе баслады ҳәм олардың айланысы артып бармақта, - дейди қәниге.
2019-жылы елимиз халқы арасында өткерилген изертлеўлер соны көрсетеди, 18-69 жастағы ер адамлар арасында электрон сигареталар шегиўдиң үлеси 0,4 процентти, 18-29 жастағы ер адамлар арасында болса 0,9 процентти, яғный дерлик еки есеге көп. Бүгинги күнде бул сан артқан. Әсиресе, бундай жағдай мектеп оқыўшылары арасында да ушырасып атырғаны қәўетерли.
Соны айрықша атап өтиў керек, электрон сигареталардың суйықлығында никотинниң муғдары әпиўайы сигаретаға салыстырғанда 66 есе көп ямаса әпиўайы сигаретаның үш пачкасындағы никотинниң муғдарына тең болыўы мүмкин. Буннан тысқары, оларда инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталық ушын үлкен қәўип туўдыратуғын канцерогенлер, зәҳәрли химиялық бирикпелер (80 мыңға шамалас түрлери) ҳәм аўыр металлар бар.
Әсиресе, өспиримлер ушын қәўипли: никотинге қарамлылық мийдиң раўажланыўын төменлетеди, ақлый қәбилетлерди төменлетеди, руўхый агрессивликти, броньх ҳәм өкпениң исиниўин келтирип шығарады. Сондай-ақ, орайлық нерв системасы, асқазан-ишек, бүйрек ҳәм баўыр зыянланады, гипертония, инсульт, инфаркт қәўпи артады.
Көплеген заманагөй электрон сигареталарда аэрозолға диасетил қосылады, ол дем алғанда майда дем алыў жоллары - броньхиолалардың тарайыўына алып келиўи мүмкин. Медицинада бул жағдай облитирлеўши броньхиолит ("көпиршикли өкпе") деп аталади.
Электрон сигарета шегетуғынларда қарамлылық әпиўайы шегетуғынларға қарағанда тез раўажланады. Изертлеўлердиң көрсетиўинше, ҳәм дәстүрий, ҳәм электрон сигареталар шегетуғын жаслардың 64 процентинен көбирегинде никотинге қарамлық белгилери бар.
Дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринде электрон сигареталар айланысы ҳәр қыйлы тәртипте тәртипке салынады. Бүгинги күнде 37 мәмлекетте, соның ишинде, Бразилия, Норвегия, Сингапур, Түркия, Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Түркменстан, Қырғызстанда олардың айланысы қадаған етилген. Айырым мәмлекетлерде, мәселен, Бельгия ҳәм Уллы Британияда бир мәртелик электрон сигареталарды сатыў қадаған етилген.
Елимизде электрон сигареталар айланысының қадаған етилиўи халықтың, әсиресе, жаслардың саламатлығын қорғаўда әҳмийетли қәдем болады.
Егер қатаң илажлар көрилмесе, келешекте жас электрон сигарета тутыныўшылары әпиўайы сигареталарды үш есе көп шеге баслайды.