Мәжилисте Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның парламент басшылары ҳәм рәсмий делегацияларының ўәкиллери қатнаспақта. Сөйлесиў мәжилисинде жаслар парламентлери ҳәм топарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери де қатнаспақта.
Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева ашты.
Сенат Баслығы Танзила Нарбаева ўәлаятта ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилигин арттырыў, олардың потенциалын жүзеге шығарыў, мәмлекетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың ролин күшейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтти.
Атап айтқанда, Орайлық Азияда ҳаял-қызлардың ролин арттырыў тек ғана социаллық раўажланыў факторы емес, ал тынышлық, турақлылық ҳәм экономикалық өсиўдиң гиреўи екени, Сөйлесиў ҳаял-қызлардың аўызбиршилиги ҳәм бирге ислесиўин жаңа басқышқа алып шығыўы атап өтилди.
Ҳәр бир делегация басшысы кирис сөзинде мәжилистиң әҳмийети, күтилип атырған нәтийжелер, илаждың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.
Бул мәжилис усы жылы 30 жыллығы белгиленетуғын Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер платформасының тийкарғы мақсетлерин әмелге асырыўда регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылғанын атап өтиў керек. Бул халықаралық ҳүжжетлер ҳаял-қызлардың сиясий турмыста қатнасыўы, экономикалық еркинлик, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўдан тең пайдаланыў, гендер зорлықты сапластырыў, экология ҳәм климат сиясатында ҳаял-қызлардың ролин арттырыў сыяқлы 12 әҳмийетли тараўды қамтып алады.
Сөйлесиў мәжилиси шеңберинде 5 сессия өткерилип, онда қатнасыўшылар төмендеги тийкарғы мәселелерди додалайды:
- Ҳаял-қызлардың қарар қабыл етиў процесинде қатнасыўы: ҳуқықлары, имканиятлары ҳәм жуўапкершилиги;
- Орайлық Азияда ҳаял-қызлар исбилерменлиги - экономикалық өсиў ҳәм социаллық турақлылық дәреги;
- ҳаял-қызлардың потенциалын арттырыў ушын билимлендириў ҳәм репродуктивлик саламатлық тараўындағы сиясат;
- ҳаял-қызлардың инновациялар, ғалаба хабар қураллары ҳәм климат сиясатында қатнасыўы - имканиятлар ҳәм тосықлар;
- Ҳаял-қызларға болған зорлыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықый қорғаў.
Сөйлесиў мәжилиси жуўмағында парламентлераралық басламалар шеңберинде кейинги ҳәрекетлер ҳәм бирге ислесиў ушын тийкар болатуғын жуўмақлаўшы ҳүжжетти қабыл етиў, сондай-ақ, регионаллық бирге ислесиў бойынша "жол картасы"н қабыл етиў, ҳәр жылы мониторинг етиў ҳәм тәжирийбе алмасыў системасын жолға қойыў нәзерде тутылған.