Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың тийкарғы принциплери нызамлылық, универсаллық, теңлик, финанслық турақлылық ҳәм есап бериўден ибарат.

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ықтыярлы ҳәм мәжбүрий қамсызландырыў түрлеринде әмелге асырылады.

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў төмендегилерди әмелге асырыўшы пуқаралардың категориялары ушын мәжбүрий тийкарда әмелге асырылады:

  • мийнет шәртнамалары тийкарындағы мийнет жумысы (белгили бир жумысларды орынлаўға ўақтынша (мәўсимлик) тартылатуғын жумыслар буннан тысқары), юридикалық шахслардың басшылары сыпатындағы жумыс;
  • юридикалық ямаса физикалық шахслар менен дүзилген пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында хызметлер көрсетиў, жумысларды орынлаў ямаса интеллектуаллық мүлк объектлерин жаратыў бойынша жумыслар.

Қамсызландырыў жағдайларына төмендегилер киреди:

  • кеселлик себепли ўақтынша мийнетке жарамсызлық;
  • ҳәмиледарлық ҳәм туўыў;
  • жумыс ямаса дәраматларды жоғалтыў.

Қамсызландырыў жағдайлары жүз берген жағдайда қамсызландырылған шахсларға ямаса олардың шаңарақ ағзаларына тийисли напақалар, соның ишинде, жумыстан шығыў напақасы төленеди. Төлемлердиң муғдары өз алдына нормативлик ҳүжжетлерде белгиленеди.

Бундай напақаларды алыў ҳуқықы тек ғана қамсызландырыў төлемлери төленген жағдайда пайда болады. Бул төлемлер Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорына турақлы түрде өткерип барылатуғын ҳәм келешектеги төлемлер ушын ресурс пайда ететуғын мәжбүрий төлемлер болып есапланады.

Фонд қамсызландырыўшылар ҳәм қамсызландырылған шахсларды есапқа алыў, төлем ҳәм үлеслерди есаплаў, барлық процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге жуўапкер болады. Фонд дәраматлары социаллық салық, қамсызландырыў төлемлери, мәмлекетлик бюджет қаржылары, сондай-ақ, ўақтынша бос турған қаржыларды жайластырыўдан алынатуғын дәраматлардың бир бөлеги ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қәлиплестириледи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 01.01.2026-жылдан күшке киреди, деп жазады «Norma».