Акция шеңберинде Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги жанында республикалық жумысшы штаб шөлкемлестирилди. Көрсетилген дәўир даўамында санитариялық-тазалаў кәрханалары аймақларды қатты турмыслық шығындылардан тазалаўды тәмийинлейди.
Сондай-ақ, мәҳәллелерде тазалықты сақлаў, байрам күнлери шығындылардың жыйналып қалыўына жол қоймаў, шығындыларды өз ўақтында алып шығыў графиклерине қатаң әмел етиў бойынша қосымша илажлар әмелге асырылады.
"Әҳмийетли 20 күн" илажларының тийкарғы мақсети Жаңа жыл алдынан байрам кейпиятын жаратыў, экологиялық тазалықты сақлаў ҳәм елимиздеги экологиялық жағдайды буннан былай да жақсылаўға үлес қосыўдан ибарат.
Усы мүнәсибет пенен пуқаралар ҳәм шөлкемлерден қоршаған орталыққа жуўапкершилик пенен қараў, соның ишинде, шығындыларды белгиленбеген орынларға тасламаў соралады.
Еслетип өтемиз, экологиялық ҳуқықбузарлықлар ушын әмелдеги нызамшылыққа муўапық жуўапкершилик белгиленген.
Шығындыларды басқарыў ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы бойынша шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң 1205 қысқа телефон номерине күни-түни мүрәжат етиў мүмкин.








