Шөлкемлестириўшилер - GEN секретариаты ҳәм Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги. Форумда дүньяның 25 мәмлекетинен 60 тан аслам делегат - миллий экомаркировкалаў системаларының басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллери қатнаспақта.

Ушырасыўды Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған избе-из экологиялық сиясат себепли өткериў мүмкин болды. Кейинги жыллары елимизде экологиялық сертификатлаў системасын раўажландырыў, экоөнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, «Yashil Belgi» миллий басламасын алға қойыў бойынша үлкен қәдемлер тасланды.

Ашылыў мәресиминде Экология министри Азиз Абдуҳакимов:

"Биз экологиялық тамғалаўда тек ғана сертификатлаў қуралын емес, ал ислеп шығарыўшылар, мәмлекет ҳәм тутыныўшылар арасындағы исеним механизмин - сапа, қәўипсизлик ҳәм тәбиятқа ғамқорлық белгисин көремиз. Биз ушын ол мәмлекетимиздиң бәсекиге шыдамлы, инновациялық ҳәм экологиялық жақтан бағдарланған экономиканы жаратыўға қаратылған стратегиялық бағдарын әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Биз мәмлекетимизде миллий ықтыярлы экологиялық маркировкалаў системасы - «Yashil Belgi» жаратылғаны ҳәм табыслы енгизилип атырғаны менен мақтанамыз.

Атап өтиў орынлы, Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 20-январьдағы 20-санлы қарарына муўапық, мәмлекетимизде өнимлер ҳәм хызметлерди ықтыярлы экологиялық маркировкалаў системасы енгизилген. Қысқа ўақыт ишинде 22 миллий стандарт тастыйықланды, «Yashil Belgi» системасы ислеп шығылды, экологиялық сертификатланған товарлар ушын преференциялар белгиленди, Өзбекстан «Yashil Belgi» ассоциациялық ағзалығына кирди, биринши өнимлер Өзбекстан экомаркировкасы белгисин алды. Бул қәдемлер мәмлекетимиздиң глобал экологиялық басламалардың белсенди қатнасыўшысы сыпатындағы позициясын беккемледи.

Ташкенттеги " GEN Week" бағдарламасында Германия ҳәм UNEP экспертлериниң қатнасыўында "Өзбекстан Республикасында экологиялық маркировкалаў: экологиялық таза бизнес, жаңа базарлар" атамасындағы семинар, Экология министрлиги жанындағы Мәмлекетлик экологиялық сертификатлаў орайы ҳәм Сингапур, Таиланд, Түркия, Россия, Украина ҳәм Германияның миллий системалары арасында меморандумларға қол қойыў, сондай-ақ, Орайлық Азия ушын "GEN" муўапықластырыў орайын шөлкемлестириў мәселелери додаланады.

GEN баслығы К.С.Венкатагири өзиниң шығып сөйлеген сөзинде шөлкем Кеңеси Орайлық Азияны келеси он жыллықтағы тийкарғы өсиў регионы, Өзбекстан болса бул бағдардағы жумыслардың жуўапкер муўапықластырыўшысы сыпатында көрип атырғанын атап өтти.

Биз бул басламаны ҳәр еки тәрептиң абаданлығы жолында қалай әмелге асырыў мүмкин екенлигин биргеликте үйрениўден мәпдармыз ҳәм Өзбекстан менен бирге ислесиў турақлы раўажланыў тараўында регионаллық интеграция үлгиси болатуғынына исенемен", - деп атап өтти ол.

Мәмлекетлик экологиялық сертификатлаў ҳәм стандартластырыў орайының директоры Нодиржон Юнусов бул илаж экологиялық сертификатлаў тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, «Yashil Belgi» системасын халықаралық стандартларға бейимлестириў ҳәм Өзбекстан өнимлерин дүнья базарына алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Ушырасыў экологиялық сертификатлаў тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, «Yashil Belgi» системасын халықаралық стандартлар менен үйлестириў ҳәм Өзбекстан өнимлерин дүнья базарларына алып шығыўда әҳмийетли басқыш болыўы күтилмекте.

Мағлыўмат ушын: (Global Ecolabelling Network, GEN) - 30 дан аслам миллий экологиялық сертификатлаў системаларын бирлестирген халықаралық коммерциялық емес шөлкем болып есапланады. Өзбекстан Республикасы Экологиялық сертификатлаў ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы «Yashil Belgi» системасының орайлық операторы есапланады ҳәм мәмлекеттиң GEN менен өз-ара бирге ислесиўин муўапықластырады.