Республикалық қәнигелестирилген аллергология ҳәм клиникалық иммунология илимий-әмелий медицина орайында Орайлық Азияда биринши мәрте бундай жағдайларды емлеў ушын иммунотерапияның жаңа, нәтийжели усылы енгизилди.
- Инсект аллергиясы, әдетте, пердешели қанатлы жәнликлер - пал ҳәрре, ҳәрре, қарабарақ, жер ҳәрреси ҳәм қумырсқалардың шаққанынан кейин пайда болады, - дейди Орай директоры, медицина илимлериниң докторы, профессор Илмира Разикова.
Шыбын-ширкейлердиң шағыўына аллергия жүзеге келиўи күшсиз ҳәлсизлик, териниң бозарыўы, қышыў, исиклер, ангионевротик исик, дем алыўдың қыйынласыўы, қан басымының кескин төменлеўи ҳәм есинен танып қалыў менен бақланады. Қәнигелердиң бақлаўларына қарағанда, бундай аллергиялар балаларға қарағанда үлкенлерде көбирек ушырасады.
Өмир ушын қәўипли жағдайлардың раўажланыўының алдын алыў мүмкиншилигин беретуғын бирден-бир нәтийжели усыл аллерген специфик иммунотерапия (АСИТ) есапланады.
Терапия даўаминда наўқас организмине аз-аздан дуз еритпеси көринисинде аллергенлер (ҳәрре зәҳәри, өсимлик шаңлары) жибериледи. Бул жағдай организмниң сезиўшеңлигин төменлетеди: IgE антителалар муғдары кемейеди, "блокировка" етиўши IgG4 антителалар муғдары көбейеди. Нәтийжеде аллергияның белгилери кемейеди ямаса пүткиллей жоғалады.
Усы жылы Орай қәнигелери Орайлық Азияда биринши мәрте ҳәрре зәҳәрине тийкарланған иммунотерапия препаратын қолланыў арқалы наўқасларды емлеўди баслады.
Усы ўақытқа шекем бундай терапия тек ғана еки мәмлекетте - Грузия ҳәм Түркияда әмелге асырылған. Енди олардың қатарына Өзбекстан да қосылып, бул алдыңғы медициналық технологияны енгизген дүньядағы үшинши мәмлекет болды.
Иммунотерапияның жаңа усылы кеселликтиң симптомларын жеңиллетип қоймастан, оны келтирип шығарған себепке тәсир етип, узақ мүддетли емлеў нәтийжесин тәмийинлейди ҳәм анафилактикалық реакциялардың раўажланыўының алдын алады.