Атап айтқанда, Қарақалпақстанның Хожели районында 2 мыңнан аслам, Бухара қаласындағы "Жаңа Өзбекстан" паркинде 2 мың, Жиззақ ўәлаятының Шараф Рашидов районында 6 мың 500, Сырдәрья ўәлаятының Сырдәрья районында 6 мың, Наманган ўәлаятының Давлатабад районында 5 мың терек бар.
Буннан тысқары, Ташкент ўәлаятының Нурафшан қаласында 1 мың 700, Наўайы ўәлаятының Кармана районында 2 мың, Ташкент қаласында 1 мың, Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы районында 2 мың, Әндижан ўәлаятында 6 мың түп терек нәли егилген.
Усы күнлерде Самарқанд ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясына басшылық етпекте. Илаж шеңберинде Самарқанд ўәлаятының "Мәңги қала" комплекси ҳәм Қарасуў районында да тереклер егилди. Бул жерде ЮНЕСКОның 80 жыллығына бағышланған жасыл бағлар жаратылып, символикалық түрде 80 мың түп нәл егиледи.
Жасыл бағ 9 бөлимге бөлинип, Саҳыпқыран Әмир Темурдың белгили 9 бағының өзгешеликлерин сәўлелендирген. Ол ЮНЕСКОның қоршаған орталықты қорғаў бойынша принциплерине толық сәйкес келеди ҳәм Өзбекстанның экологиялық басламаларға садықлығын көрсетеди.











