Президенттиң тийисли Пәрманына бола, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине төмендеги ўәкилликлер өткериледи.
Соның ишинде;
мәмлекетлик көшпес мүлктен пайдаланғаны ушын ижара төлеминиң ең кем ставкаларын белгилеў;
жерлеў орынларын сақлаў қағыйдаларын ҳәм жерлеў хызметлерин көрсетиў бойынша тарифлердиң муғдарын тастыйықлаў;
жоллардың айырым бөлеклеринде ҳәрекетлениў тезлигин асырыўға ямаса азайтыўға (тийисли жол белгилери орнатып) рухсат бериў.
Бюджет жойбарын ислеп шығыўда жергиликли бюджет қәрежетлериниң белгили бир бөлеги жергиликли Кеңес депутатларының тиккелей басламасы тийкарында қәлиплестириледи.
Буннан тысқары, “E-Kengash” электрон платформасы "қолайлық - әпиўайылық - қәўипсизлик" принципи тийкарында турақлы жетилистирилип барылады.









