Бул тарийхый ўақыя регионда экономикалық интеграцияны күшейтиў ҳәм үш мәмлекет арасындағы транспорт байланысын жақсылаўға қаратылған ең ири инфраструктуралық жойбарлардың бирин әмелге асырыўда әҳмийетли басқыш болды.
Мәресимде Қырғызстан Республикасы Президенти, Өзбекстан ҳәм Қытай Халық Республикалары, халықаралық шөлкемлер ҳәм темир жол ҳәкимшиликлериниң ўәкиллери қатнасты.
Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров мәресимди ашып, бул ўақыттың Орайлық Азия келешеги ушын тарийхый әҳмийетин атап өтти:
"Жаңа темир жол линиясы Евроазия континентал көпирлериниң қубла буўыны болып, Қубла-Шығыс, Батыс Азия ҳәм Жақын Шығыс базарларына жол ашады. Бул жөнелис Қытайдан Қырғызстанға, сондай-ақ, Орайлық Азия ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлерине, соның ишинде, Түркияға ҳәм оннан кейин Европа Аўқамына жүклерди жеткерип бериўди тәмийинлейди," - деди Садир Жапаров.
Садир Жапаров, сондай-ақ, бул әҳмийетли жойбарды әмелге асырыўдағы үлеси ҳәм турақлы қоллап-қуўатлаўы ушын Қытай ҳәм Өзбекстан ҳүкиметлерине миннетдаршылық билдирди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев атынан Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев шығып сөйледи.
Шавкат Мирзиёев өзиниң мүрәжатында жойбардың әҳмийетли тәреплерине итибар қаратты:
"Бул ири инфраструктура жойбары жоқары экологиялық нормаларға әмел еткен ҳалда, алдынғы инженерлик, инновациялық ҳәм санлы шешимлер тийкарында кеңнен бирге ислесиўди нәзерде тутады. "Қашқар - Торуғарт - Макмал - Жалалабад - Әндижан" жөнелиси бойлап 20 бәндирги, 42 көпир ҳәм 25 туннель қурылады. Буннан тысқары, заманагөй транзит-логистика инфраструктурасы, қоймахана ҳәм терминаллар қурылады. Бизиң жөнелисимизде жыллық жүк тасыў көлеми 15 миллион тоннаға шекем жетеди. Қытайдан Европа мәмлекетлерине жүклерди жеткерип бериў аралығы ҳәм мүддетлери бир неше мың километрге ҳәм дерлик бир ҳәптеге қысқарады. Турақлы жолаўшы тасыўды жолға қойыў имканияты пайда болады. Келешекте бул темир жол линиясы ҳәм Трансаўған коридорының тутастырылыўы Қытай, Орайлық ҳәм Қубла Азияның транспорт-коммуникация байланысын нәтийжели байланыстырыў ҳәм беккемлеў имканиятын береди".
Президент сондай-ақ, жойбардың барлық қатнасыўшыларына миннетдаршылық билдирди ҳәм Өзбекстан оны әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таяр екенлигин атап өтти:
"Өзбекстан темир жол қурылысының барлық басқышларында бар болған барлық техникалық ҳәм интеллектуаллық ресурсларды толық иске қосқан ҳалда белсене қатнасыў нийетинде. Биргеликтеги ҳәрекетлер менен бул транспорт коридоры беккем дослығымыз, шериклигимиз ҳәм раўажланыўымыздың және бир нышанына айланатуғынына исенемен. Ҳүрметли кәсиплеслериме Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзинпин мырзаға ҳәм Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Нургожоевич Жапаровқа жойбарды көтерип шығарыўда жеке үлеси ҳәм жедел ҳәрекетлери ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен".
Қытай Халық Республикасы тәрепинен ҚХР Баслығы Си Цзинпин атынан Қытай Халық Республикасы Раўажланыў ҳәм реформалар мәмлекетлик комитетиниң баслығы Чжен Шансзе шығып сөйледи:
"Транзит темир жол қурылысы регионаллық өз-ара байланыслылықты раўажландырыў, сондай-ақ, регионның раўажланыўы ҳәм турақлылығына жәрдемлесиў мақсетинде үш мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен қабыл етилген стратегиялық қарар болып есапланады. Бул үш мәмлекет халықларының стратегиялық жойбарды әмелге асырыўға болған қызғын умтылысын сәўлелендиреди. Бүгинги қурылыс мәресими жойбардың жойбарлаў ҳәм режелестириў басқышынан әмелге асырыў басқышына өтиўин билдиреди, бул қурылысты жуўмақлаў ҳәм темир жолды пайдаланыўға тапсырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады".
Темир жол қурылысы 2030-жылдың ақырына шекем жуўмақланыўы күтилмекте, соннан кейин ол толық қуўатлылықта ислей баслайды ҳәм Қытай, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арасында үзликсиз транспорт байланысын тәмийинлейди.
"Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" жаңа темир жол линиясының қурылыс жойбары бойынша мағлыўмат:
2024-жыл 6-июнь күни Пекинде ҚХР Ҳүкимети, Қырғызстан Министрлер Кабинети ҳәм Өзбекстан Ҳүкимети арасында "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы жойбарын биргеликте алға қойыўда бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимге қол қойылған еди.
Соның менен бирге, Қытай Халық Республикасы раўажланыў ҳәм реформалар мәмлекетлик комитети, Қырғызстан Республикасы Транспорт ҳәм коммуникациялар министрлиги, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен 2023-жыл 18-майдағы жойбардың техникалық-экономикалық тийкарын қабыллаў ҳаққындағы меморандумға муўапық "Қашқар - Торугарт - Макмал - Жалал-Обод - Әндижан" жөнелисиниң комбинацияланған формасы тастыйықланды.
"Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жол жойбарының улыўма узынлығы - 532,53 км. 20 темир жол станциясы (еки перспективалы), соның ишинде, 2 шегара станциясы, 1 қайта жүклеў станциясы, 4 аралық станция ҳәм 13 разъезд қурылысы режелестирилген. Улыўма узынлығы 16,06 км болған 42 көпир, улыўма узынлығы 103,63 км болған 27 туннель қурылысы нәзерде тутылған болып, көпир ҳәм туннеллердиң улыўма узынлығы 119,69 км ди, олардың улыўма узынлыққа қатнасы болса 39,3 процентти қурайды.