Атап өтилгениндей, кейинги жылларда аймақтағы имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы көплеген тараўларда унамлы нәтийжелерге ерисилмекте. Санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 2016-жылдағы 2,8 триллион сумнан 34,3 триллион сумға, жалпы аймақлық өним 63 триллион сумға жетти. Өткен жылы ўәлаятқа 1 миллиард доллардан аслам инвестиция тартылған.
Соның менен бирге, ерисилген көрсеткишлер аймақтың потенциалына толық сәйкес келмейди. Әсиресе, бул туризм тараўына байланыслы - сийрек ушырасатуғын тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа ийе аймақта туристлердиң болыўы орташа 1-2 күн менен шекленген.
Ўәлаятта 1 миллионнан аслам жаслар жасап, ҳәр жылы 35 мың жигит-қыз мийнет базарына кирип келмекте. Ўәлаят басшылары олардың тәлим-тәрбиясы, заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеўи ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге турақлы итибар қаратыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Жас әўладты Жалалиддин Мангуберди, Беруний, Хорезмий ҳәм Замахшарий сыяқлы уллы инсанларға мүнәсип етип тәрбиялаў бойынша жаңа системалы көзқарасларды ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Ўәлаят халқының 67 проценти аўыллық жерлерде жасайтуғынын есапқа алып, қосымша дәрамат дәреклерин аўыллық жерлерде жаратыў арқалы жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мысал ушын, Гүрлен, Топыраққала, Янгибазар ҳәм Қўшкөпир районларындағы 135 мәҳәлледе нәсилли шарўа малларын көбейтиў, Үргенш, Ханқа, Қўшкөпир ҳәм Шовот районларындағы мәҳәллелерди қурылыс материаллары, тоқымашылық, өнерментшилик ҳәм мебель ислеп шығарыўға қәнигелестириў, Үргенш, Қўшкөпир, Ханқа, Янгиариқ ҳәм Шовот районларында 6 санаат ҳәм сервис микроорайын шөлкемлестириў арқалы кеминде 10 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў имканияты бар.
Өткен жылы ўәлаятқа келген сырт елли ҳәм жергиликли туристлердиң саны 12,5 миллион адамды қурады. Бирақ көрсетилип атырған хызметлердиң көлеми ҳәм сапасы, жаңа туристлик маршрутларды шөлкемлестириў, зыярат етиў объектлерин мазмуны жағынан байытыў жетерли дәрежеде емес.
Хийўа қаласы, Бағат ҳәм Хийўа районларындағы туризм мәҳәллелеринде сервис объектлерин шөлкемлестириў, 59 елатлы пунктте 14 жанланған көшени шөлкемлестириў бойынша мастер реже ислеп шығып, исбилерменлерге усыныў ўазыйпасы қойылды.
10,8 гектар майданда жайласқан "Сулайманқала" қорғанын жаңа туристлик объект сыпатында комплексли раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў бойынша тапсырма берилди. Буннан тысқары, Үргенш қаласынан ағып өтетуғын Шават каналының бойында туристлик ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин, кеўилашар орайларды шөлкемлестириў бойынша мастер-реже ислеп шығыў режелестирилген.
Мәжилисте инвестиция ҳәм экспортты көбейтиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында атап өтилди. Ҳазарасп, Үргенш, Шават, Топыраққала районлары ҳәм Үргенш қаласының потенциалынан нәтийжели пайдаланған ҳалда ири санаат жойбарларын әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Питнактағы автомобиль заводының қуўатлылығын арттырып, локализациялаў дәрежесин 62 процентке жеткериў арқалы бирден-бир машина қурылысы кластерин шөлкемлестириў мүмкин екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, Хазараспта химия, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, Шовотта мебель қурылысы ҳәм тоқымашылық тараўларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.
Ўәлаяттағы қала ҳәм районларды модернизациялаў, жол ҳәм суў инфраструктурасын жақсылаўға 1 миллиард 600 миллион доллар қаратылатуғыны мәлим етилди.
Улыўма, усы жылы сырт ел инвестицияларын 2 миллиард долларға, экспортты 510 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Бул жалпы аймақлық өнимди 8,4 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыўды 9 процентке, хызметлерди 16,2 процентке, аўыл хожалығын 5,7 процентке арттырыў имканиятын береди.
Хорезм ўәлаятында кәмбағаллық дәрежеси өткен жылы 11,9 проценттен 6,7 процентке азайғаны республикадағы ең жоқары көрсеткиш болды. Бирақ, кәмбағаллық дәрежеси елеге шекем мәмлекет бойынша орташа көрсеткиштен жоқары екени атап өтилди. Сол себепли жылдың ақырына шекем жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты кеминде 3 процентке қысқартыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.
Онда, Хазарасп, Хонқа, Шават, Янгиариқ, Янгибазар, Топыраққала, Хийўа ҳәм Үргенш қаласын жумыссызлықтан ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлерге бир қатар анық тапсырмалар берилди.
Соның ишинде, Гурлен районындағы 158 километр каналларды реконструкциялаў, исбилерменлик жойбарларына 81 миллион доллар, 270 насос агрегатын энергия үнемлейтуғын үскенелерге алмастырыў, Өзбекстан-Түркменстан шегараалды саўда зонасының жумысын қаржыландырыў, социаллық объектлер ҳәм инфраструктураны оңлаўға 100 миллиард сум ажыратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Президентимиз жуўапкерлерге жумысларды халық турмысына анық өзгерис алып кирип, нәтийжеге қаратылған ҳалда шөлкемлестириў, ҳәр бир район ҳәм мәҳәлледе мәнзилли қатнас жасаў бойынша тапсырмалар берди.