Базар хызметлериниң баҳасы соңғы жети жылда 22 миллиард доллардан 63 миллиард долларға жетти. Халықтың дәраматы ҳәм төлеў қәбилети 2 есеге, яғный 1500 доллардан 3000 долларға артқаны нәтийжесинде адамларда жаңаша хызмет түрлерине талап артып бармақта. Соның менен бирге, жоқары дәраматлы хызмет түрлеринде халықтың бәнтлиги артпақта. Алтынсыз экспортта соңғы бес жылда биринши мәрте хызметлердиң үлеси 37 процентке жетип, жәми экспорт 16,5 процентке өсиўине тийкар жаратты.
Президентимиздиң басшылығында усы жыл 7-февраль күни аймақларда хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәлимлеме технологиялары, туризм, авиация, билимлендириў, медицина, қаржы хызметлери тараўында соңғы бес жылда "үлкен секириў" болғаны атап өтилди.
Қәлиплесип атырған ҳәм әҳмийетли бағдарға айланып атырған тараў - бул хызметлер экспорты, атап айтқанда, туризм, мәлимлеме технологиялары ҳәм финанслық технологиялар (финтек) тийкарындағы хызметлер болып есапланады. Бул бағдарларда бизде еле иске қосылмаған оғада жоқары потенциал бар.
Бүгин көрсетилип атырған хызметлердиң 88 проценти қаржы, транспорт, саўда, туризм, билимлендириў, медицина ҳәм мәлимлеме технологияларының үлесине туўра келеди. Олардың раўажланыўы қалған тараўлардың өсиўине де түртки болмақта. Атап айтқанда, мәлимлеме технологиялары қаржы, билимлендириў, электрон коммерция сыяқлы бағдарлар, транспорт тараўының раўажланыўы болса туризм, экспорт, логистика ҳәм басқа да тармақлардың экономикалық өсиўине үлес қоспақта.
2024-жылы хызмет көрсетиў тараўында аймақларда 58 мың жаңа саўда ҳәм сервис объекти иске қосылды, тараўда 2,6 миллионға шамалас адамның бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, 150 көшеде баҳасы 1,3 триллион сумлық 1,7 мың хызмет көрсетиў объекти пайдаланыўға тапсырылды. Буннан тысқары, халықаралық автомобиль жоллары бойында 1,6 триллион сумға тең 1100 ден аслам хызмет көрсетиў объекти шөлкемлестирилди. Барлық бағдарлама шеңберинде хызмет көрсетиў тараўына 61,4 триллион сумлық кредит ажыратылды.
Аукцион арқалы 475 гектар жер 7000 ға шамалас исбилерменге берилди. Жеңил түрдеги көшпели саўда объектлерин шөлкемлестириў ушын 5900 майдан сатылды.
Хызметлер ҳәм туризм тараўына қәнигелескен аймақларда 650 ден аслам жаңа мийманхана ҳәм басқа да жайластырыў қураллары шөлкемлестирилип, Бостанлық ҳәм Замин районларында бир қатар аспа жоллар орнатылды. Нәтийжеде 2024-жылы хызмет көрсетиў баҳасы 818 триллион сум болып, 13 процент өсиўге ерисилди. Онда жоқары өсиў пәти байланыс ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында 26, қаржы хызметлеринде 21, көшпес мүлк пенен байланыслы хызметлерде 13,3 процентке артты.
Усы жылдың январь-март айларында мәмлекетте базар хызметлериниң баҳасы 210,8 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 12,6 процентке көбейди.
Туризм тараўында өткен дәўирде 756,8 миллион долларлық экспорт әмелге асырылды. Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 32,4 процентке көбейди ҳәм жәми хызметлер экспортындағы үлеси 43,7 процентке жетти.
Системалы реформалар нәтийжесинде усы жылдың апрель айында Өзбекстан туризм тараўында пүткиллей жаңа ҳәм мисли көрилмеген нәтийжеге еристи - мәмлекетимизге биринши мәрте бир айда 1 миллионнан аслам сырт ел турист келди. Олардың саны өткен 4 айда 3 миллионнан артты.
Жергиликли ҳәм сырт елли туристлердиң жаңадан ашылған ири туристлик объектлерге келиўи тараўдың раўажланыўына салмақлы үлес қоспақта. Туроператор ҳәм турагентлердиң саны 194 ке, хызмет көрсетиўши мийманханалардың саны 18 ге ҳәм олардағы орынлардың саны 1100 ге артты.
Буннан тысқары, өткен жылы аймақлардың туристлик потенциалын мастер-реже тийкарында жүзеге шығарыў бойынша Шаҳрисабз районында "Мираки тәжирийбеси" жолға қойылды. Усы тәжирийбе тийкарында Сурхандәрья ўәлаятының Байсын (Аманхана), Сариосиё (Сангардак) ҳәм Жарқорған (Оқтепа суў сақлағышы) районларында баҳасы 2 триллион сумлық, жылына қосымша 800 миллиард сумлық хызмет көрсетилетуғын жойбарларды әмелге асырыў басланды.
Транспорт тараўында 7 жаңа самолёт сатып алынып, миллий авиация паркиндеги ҳаўа кемелериниң саны 93 ке жеткерилди.
Аймақларда хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, халық ҳәм туристлерге қолайлы хызмет көрсетиў инфраструктурасын жаратыў бағдарында унамлы нәтийжелерге ерисилмекте. Атап айтқанда, аймақлардың экономикалық өсиўине түртки беретуғын драйвер жойбарларды әмелге асырыў системалы жолға қойылды. Биринши басқышта 330 жойбар таңлап алынып, оларды әмелге асырыў ушын бюджеттен 268 миллиард сум аванс қаржы ажыратылды.
Тек ғана Қўшкўпирдиң Шихмашхад мәҳәллесинде 5 миллиард сумлық қаржы есабынан қолайлы инфраструктураны тәмийинлеў арқалы микросанаат түринде өнерментлер орайы қурылмақта. Бул орай Шихмашхад ҳәм Өзбекстан мәҳәллелериндеги үй шараятында ағаш ойыўшылық пенен шуғылланатуғын 60 қа шамалас өнерментти бир жерде жәмлейди. Нәтийжеде 200 жаңа жумыс орны ашылады ҳәм 60 қа шамалас шәкирт таярлаў имканияты жаратылады. Соның менен бирге, туризмди раўажландырыўға үлкен үлес қосады. Улыўма алғанда, бул жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде усы жылы 26 мыңға шамалас жумыс орны ашылады.
Аймақларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыўға қаратылған бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Үргениш халықаралық аэропорты 19 жыллық концессияға Қубла Кореяның “Incheon International Airport Corporation” компаниясына берилди. Бул мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында әмелге асырылады. Аэропорт ҳәзир саатына бир самолёт ҳәм жылына 1,5 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў потенциалына ийе. Заманагөй ҳәм қолайлы аэропортқа айландырылыўы есабынан саатына 6 ҳаўа кемеси ҳәм жылына 10 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады.
Хызмет көрсетиў тараўындағы және бир әҳмийетли бағдар бул - мәлимлеме технологиялары. Жоқары билим ҳәм көнликпеге тийкарланған хызметлерди раўажландырыў ушын, биринши гезекте, жасларымызды жоқары дәраматлы хызмет түрлери бойынша оқытыўымыз зәрүр. Соңғы 3 жылда жасларды бир ғана мәлимлеме технологиялары тараўына оқытыў ушын мәмлекетлик бюджеттен 5,8 миллиард сум ажыратылды. Нәтийжеде халықаралық IT сертификатына ийе жаслардың саны 2 есеге артып, 2400 ге жетти. Бул болса билимге тийкарланған хызметлер, соның ишинде, жоқары баҳа беретуғын мәлимлеме технологиялары ҳәм финтех тараўын жедел раўажландырыў ушын барлық имканият жетерли екенин көрсетеди.
Мәмлекетте байланыс ҳәм мәлимлемелестириў хызметин көрсетиў баҳасы 23,5 миллиард сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 22,9 процентке өсти. Сондай-ақ, байланыс ҳәм информацияластырыў хызметлерин көрсетиўде телекоммуникация хызметиниң үлеси 32,6 процентке жетип, өткен жылға салыстырғанда 6,7 процентке азайған болса, мәлимлеме технологиялары хызметлериниң үлеси 45 процентке жетип, өткен жылға салыстырғанда 6,2 процентке артты.
Шетки аймақларда да мәлимлеме технологиялары тараўын раўажландырыў мақсетинде 15 аймақта IT қалаша шөлкемлестирилип, оларда жасларды мәлимлеме технологиялары, шет тили ҳәм басқа да заманагөй кәсиплер бойынша бийпул оқытыў системасы жолға қойылды.
Усы жылдың жуўмағы бойынша базар хызметлериниң өсиў пәтин 15,4 процентке жеткериў ҳәм тараўда 2,5 миллион адамды дәраматлы етиў мақсетинде 16 мың лотты электрон саўдаға шығарыў арқалы инфраструктураны раўажландырыў, аймақларда 40,5 мың жаңа саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектин пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, 40 тан аслам ири саўда орайы ҳәм 600 ден аслам хызмет көрсетиў объекти иске қосылады.
Қобил ТУРСУНОВ,
Олий Мажлис Сенаты комитет баслығының орынбасары