Бурын бизнеске жоқары ҳәкимшилик басым ҳәм араласыў болғаны ушын көпшилик ашық-айдын ислеўден қорқатуғын еди. Соңғы жылларда салық жүгин азайтыў, бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў бойынша көп жумыс исленди. Салық түрлери 13 тен 9 ға азайды, 100 ден аслам түрдеги лицензия ҳәм рухсатнама бийкар етилди.
Булардың нәтийжесинде, бақланбай атырған экономиканың үлеси 2019-жылдағы 45-50 проценттен ҳәзирги ўақытта 35 процентке түсти. Бирақ еле буны және де азайтыў зәрүр.
Презентацияда бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Жуўапкерлер жасырын экономикаға себеп болып атырған факторлар ҳәм оларды сапластырыў илажлары бойынша мәлимлеме берди.
Онда ең нәтийжели жол алдыңғы технологиялар тийкарында жаңаша қатнасларды енгизиў екени атап өтилди. Мәселен, Ташкент қаласында жәмийетлик транспорт толық автоматластырылған төлемге өткерилгени нәтийжесинде, тийкарында, жолаўшылар саны 30 процентке көп екени көринген. Ямаса санластырылған дийқан ҳәм буйым базарларында түсим 2-3 есеге артпақта.
Бундай системаны аўыл хожалығы, қурылыс, транспорт, саўда ҳәм хызметлер сыяқлы жасырын экономика үлеси жоқары болған тараўларда да енгизиў бойынша көрсетпелер берилди. Лицензия ҳәм рухсатнама бериў процесслери және мүддетлерин қайта көрип шығып, инсан факторын кескин қысқартыў ҳәм барлық қәдемлерди толық санластырыў ўазыйпасы қойылды. Исбилерменлер көп дус келетуғын салық, банк, бажыхана, коммунал, сертификатлаў сыяқлы тараўларда коррупцияға жол ашып атырған факторларға шек қойыў зәрүр екенлиги айтылды.
Электрон төлемлердиң раўажланғаны адамларға кеңнен қолайлық жаратпақта. Бул жасырын экономиканы қысқартыўда да қолайлы қурал. Буның ушын нақ пулсыз есап-санақларды хошаметлеў, төлем системасы операторларын көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы тек ғана қадағалаўды күшейтиў менен жасырын экономиканы жылаўлаўға болмайтуғынын, халық ҳәм исбилерменлердиң салық мәдениятын арттырып, дурыс ислегенлерди хошаметлеў жолынан барыў керек екенлигин атап өтти.
Ҳәр бир тараў бойынша өз алдына қатнас жасап, исбилерменлерге ашық-айдын ҳәм нызамлы ислеўди пайдалы етиў ўазыйпасы қойылды. Соннан келип шығып, салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм санластырыў, бизнеске қосымша жеңилликлер бериў, мийнет қатнасықларын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.
Өз гезегинде, салық мәденияты пүткил жәмийеттиң жумысына айланыўы зәрүр. Халқымыз ҳәмийше қәдирлеген ҳадаллық пазыйлети барлық тараўларда пайыз-берекет ҳәм абаданлық алып келеди. Бул идеяларды халық арасында үгит-нәсиятлап, кеңнен енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.