Юридикалық билимлендириў әпиўайы билимлендириў бағдары емес. Ол мәмлекет пенен пуқара арасындағы қатнасықларды белгилейди, суд қарарларының сапасы, ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм жәмийетте әдиллик сезимине тиккелей тәсир етеди. Әмелият соны көрсетпекте, көп жағдайларда питкериўшилер нызам нормаларын биледи, бирақ оларды таллаў, түсиндириў ҳәм анық жағдайда қолланыўда қыйналады. Теория менен әмелият арасындағы үзилис, ҳуқықый пикирлеўден көре формал билимге итибар берилиўи юридикалық тәлим алдындағы ең үлкен машқалалардан бир болмақта.

Президентимиздиң 2025-жыл 26-ноябрьдеги "Өзбекстан Республикасында юридикалық билимлендириў ҳәм илимди буннан былай да реформалаў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы юридикалық билимлендириў ҳәм илим тараўындағы реформаларды белгилеп берди. Пәрманның мазмунынан келип шығып айтсақ, енди бул бағдарда тийкарғы итибар нәтийжеге бағдарланған билимлендириў, әмелий көнликпелер ҳәм халықаралық стандартларға муўапық сапа системасына қаратылыўы керек. Яғный мәселе тек ғана оқыў режелерин жаңалаўда емес, ал пүткил билимлендириў мәдениятын өзгертиўде.

Халықаралық тәжирийбе

Юридикалық билимлендириўдеги машқалалар тек ғана Өзбекстанға тән емес. Көплеген мәмлекетлер бул басқыштан өткен. Усы көзқарастан, Уллы Британия жоқары билимлендириў системасының тәжирийбеси айрықша итибарға ылайық. Университетлерге берилген академиялық еркинлик, сапаны тәмийинлеўдиң бийғәрез механизмлери, студентлерди билимлендириў сапасына тартыў әмелияты - булардың барлығы оқытыў процесин қадағалаўдан гөре оны жақсылаўға хызмет етеди. Билимлендириўдиң сапасы бийғәрез институтлар арқалы баҳаланады. Оқыў бағдарламалары турақлы түрде қайта көрип шығылады. Студентлерге болса белсенди қатнасыўшы сыпатында қаралады. Ең әҳмийетлиси, оқытыў нәтийжеси питкериўшиниң әмелде не ислей алатуғыны менен өлшенеди.

Уллы Британия жоқары билимлендириў нәтийжелерине нәзер тасласақ, табыс тосыннан емес, ал анық институционал шешимлер нәтийжеси екенин көремиз. Бул жерде жоқары билимлендириў системасында сапаны тәмийинлеўдиң анық инструментлерине итибар қаратыў орынлы. Мәселен, Жоқары билимлендириўде сапа кепиллиги агентлиги ислеп шыққан Уллы Британия жоқары билимлендириў сапасы кодекси университетлер ушын әпиўайы ҳәкимшилик ҳүжжет емес, ал сапа мәдениятын қәлиплестириўши концептуал тийкар ўазыйпасын атқарады. Онда билимлендириў нәтийжелери, студентлердиң билим алыў көнликпеси, әдил баҳалаў ҳәм турақлы жетилисиў сыяқлы түсиниклер орайлық орынды ийелейди. Итибарлы тәрепи сонда, бул стандартлар университетлерди шеклемейди, керисинше, оларды нәтийжелер ушын реал жуўапкер етеди.

Және бир әҳмийетли мысал билимлендириў бағдарлары бойынша критериялар әмелияты болып есапланады. Бул арқалы ҳәр бир билимлендириў бағдары, соның ишинде, юридикалық билимлендириў бойынша, питкериўши қайсы пәнлерди билиўи емес, ал қандай компетенцияларға ийе болыўы керек екенлиги анық белгилеп қойылады. Соның менен бирге, бул мәмлекеттиң университетлеринде сапаны тәмийинлеў PDCA цикли тийкарында әмелге асырылады: билимлендириў бағдарламасы режелестириледи, енгизиледи, баҳаланады ҳәм турақлы жетилистириледи. Бул көзқарас юридикалық билимлендириўге "бир мәрте тастыйықланған" система емес, ал үзликсиз раўажланып баратуғын процесс сыпатында қараў имканиятын береди. Мине усы механизмлер Өзбекстанда ҳуқықый билимлендириўди трансформациялаўда илҳамландырыўшы ҳәм әмелий әҳмийетке ийе болыўы мүмкин.

Бул тәжирийбени Өзбекстан шараятында қолланыў мүмкин бе? Негизинде, мәселе таяр моделди көшириўде емес, ал оның тийкарғы философиясы - сапа мәденияты, еркин баҳалаў ҳәм нәтийже ушын жуўапкершилик принциплерин миллий шараятқа бейимлестириўде болып табылады. Егер усы тәреп дурыс аңланса, халықаралық тәжирийбе қағазда қалмайды.

Халықаралық тәжирийбе сол турысына көширилиўи керек емес. Бирақ оның тийкарғы принциплери - сапа мәденияты, еркин баҳалаў, әмелиятқа бағдарланған билимлендириў - миллий шараятқа сәйкес түрде енгизилиўи мүмкин ҳәм зәрүр.

Юридикалық билимлендириўде реформа тек ғана бир университет ямаса бир министрлик мәселеси емес. Бул - пүткил системаны қамтып алатуғын процесс. Усы мәнисте, айырым жоқары билимлендириў мәкемелеринде халықаралық стандартлар тийкарында орынланып атырған жумыслар, сапаны тәмийинлеў механизмлерин енгизиў тәжирийбеси әҳмийетли методологиялық тийкар болып хызмет етиўи мүмкин.

Трансформация процеси

Усы жерде және бир сораў туўылады: бул процесс қандай трансформацияны талап етеди? Бул жерде гәп сыртқы формаларды өзгертиў ямаса өз алдына жойбарларды енгизиў ҳаққында емес. Тийкарғы мәселе - юридикалық билимлендириўде сапаға мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиўде. Университетлердиң академиялық ҳәм финанслық еркинлигин күшейтиў, билимлендириў бағдарламаларын халықаралық стандартлар тийкарында қайта көрип шығыў, баҳалаў системасын нәтийжеге бағдарлаў сыяқлы илажлар мине усы трансформация орайында турады. Усы мәнисте, трансформация дегенде бир университет ямаса айрықша факультет шеңбериндеги өзгерис емес, ал пүткил системаны қамтып алатуғын процесс нәзерде тутылады. Оқытыў сапасын тәмийинлеў ғәрезсиз, ашық-айдын ҳәм турақлы жетилистириўге қаратылған механизмлер арқалы жолға қойылмаса, ҳәр қандай реформа формал түрде қалып кетиўи мүмкин. Халықаралық тәжирийбе миллий шараятқа бейимлестирилген ҳалда, избе-из ҳәм басқышпа-басқыш енгизилсе, юридикалық билимлендириўдеги трансформация ҳақыйқый мазмунға ийе болып, ҳуқықый мәмлекет қурыўға хызмет ететуғын турақлы система қәлиплесиўине тийкар жаратады.

Қандай ҳуқықтаныўшылар керек?

Заманагөй юрист билимли болыўдан тысқары қарар қабыл етиў жуўапкершилигин сезетуғын шахс болыўы керек. Усы мәнисте, бүгин жәмийетке ҳуқықый жағдайды таллай алатуғын, еркин ҳәм сын көзқарастан пикирлейтуғын, халықаралық ҳуқықый орталық ҳәм стандартларды түсинетуғын, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект пенен ислей алатуғын ҳуқықтаныўшылар зәрүр. Бул талаплар тосыннан емес, олар билимлендириўди нәтийжеге бағдарлаў идеясынан келип шығады.

Сол себепли, мәмлекетимиз басшысының бул пәрманындағы ўазыйпалар юридикалық билимлендириўди реформалаў оқыў режелерин жаңалаў менен бирге, кадрлар таярлаў философиясын түп-тийкарынан өзгертиўге хызмет етиўин нәзерде тутады. Юридикалық билимлендириў мине усы талапларға жуўап бермесе, реформалардың нәтийжеси шекленип қалады.

Юридикалық билимлендириўди реформалаў тараўлық ямаса академиялық мәселе емес. Бул - ҳуқықый мәмлекеттиң келешегин белгилейтуғын стратегиялық қарар. Себеби нызамлар өз-өзинен ислемейди. Оларды инсан қоллап қуўатлайды. Инсанды болса билимлендириў қәлиплестиреди. Егер биз әдил суд, нызам үстинлиги ҳәм мәмлекетке исенимди беккемлеўди қәлесек, юридикалық билимлендириў мәселесине екинши дәрежели тема сыпатында емес, мәмлекетшиликтиң тийкары сыпатында қараўымыз шәрт.

Ислам ЭРГАШЕВ,

юридика илимлери докторы, профессор