Мағлыўматларға қарағанда, Мумбайдан жергиликли ўақыт пенен саат 8:10 лар шамасында ушып шыққан киши самолёт ярым сааттан кейин Барамати аэропорты жанында қоныўға урыныў ўақтында қулаған. Хабарларға қарағанда, Павар келеси айда болып өтетуғын жергиликли сайлаўлар алдындағы төрт әҳмийетли жәмийеишилик ушырасыўында қатнасыўы керек болған.

Пуқаралық авиациясы бас басқармасының мағлыўматына бола, самолёт бортында оның еки хызметкери ҳәм еки экипаж ағзасы да болған.

"Бортта болғанлардың ҳеш бири тири қалмады", делинеди министрликтиң билдириўинде.

Ўақыя жүз берген жердеги видеожазыўларда өрт ҳәм түтин, самолёт ҳәм тез жәрдем машинасының майдаланган бөлеклерин көриў мүмкин, деп жазады report.az.

ҒХҚлардың хабар бериўинше, Павардың Ҳиндстанның финанс пайтахты Мумбайдан ушып киятырған самолёты ушып кеткен жеринен 250 км узақлықтағы Барамати қаласына авариялық жағдайда қоныўға урынған.