Мәмлекет басшылары дәрежесиндеги келисимниң ҳақыйқый қуны протокол бетлеринде емес, халық турмысындағы өзгерислерде көринеди. Товар тезирек жетип барса, тасыў арзанласа, базарлар ашылса, жумыс орынлары көбейсе, билимлендириў ҳәм маманлық алмасыўы кеңейсе, демек, дипломатия экономикалық нәтийже берип атыр.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф арасындағы сөйлесиўдиң тийкарғы мазмуны да әне усы: еки мәмлекетти "Орайлық Азия - Қубла Азия" экономикалық көпири арқалы байланыстырып, бирге ислесиўди анық мақсетлер, орынлаў механизмлери ҳәм жойбарлар арқалы беккемлеў. Жақын дәўирдеги ушырасыўлар ҳәм әмелий келисимлер Өзбекстанның Қубла Азия менен экономикалық байланыслылығын тереңлестириў, Пакистанның болса Орайлық Азия базарындағы қатнасыўын кеңейтиў ушын жаңа имканиятларды ашты.
Саўда ҳәм логистика: тезлик ҳәм арзан баҳа базарды кеңейтеди
Бирге ислесиўдиң ең тез баҳаланатуғын көрсеткиши - өз-ара саўда. 2025-жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстан менен Пакистан арасындағы товар алмасыўдың көлеми 445,8 миллион долларға жеткени атап өтилди. Бул цифр еки тәреплеме экономикалық байланысларда исеним артқанын ҳәм бирге ислесиў қағазда қалмай, товар ҳәрекетинде көзге тасланып атырғанын көрсетеди. Соның менен бирге, еки мәмлекет басшылары саўда көлемин жақын жылларда 2 миллиард долларға шекем жеткериў мақсетин белгилеп алды. Бул мақсет сүрен емес, әмелий ўазыйпа. Оның мәниси сонда, саўда өсиўи анық товар топарлары, анық бағдарлар, анық тәртип-қағыйдалар ҳәм исбилерменлик орталығын жеңиллестириў арқалы тәмийинленеди.
Саўда өсиўине тәсир ететуғын ең үлкен фактор - логистика қәрежети ҳәм ўақыт. Өзбекстан ушын теңиз портларына шығыў стратегиялық әҳмийетке ийе. Себеби сыртқы базарларға шығыў қаншелли тез ҳәм арзан болса, экспорт етиўшиниң бәсекиге шыдамлылығы соншелли артады. Усы жерде Пакистанның Карачи, Гвадар ҳәм Қасым сыяқлы портлары Өзбекстан ушын қубла бағдардағы тәбийғый дәрўаза ўазыйпасын атқарады. Портларға исенимли шығыў импорт-экспорт географиясын диверсификациялайды. Бир бағытқа ғәрезлиликти кемейтеди. Тәмийнат тәўекелшилигин кемейтеди ҳәм транспорт үстемесин кемейтеди. Әпиўайы етип айтқанда, жол қәрежети арзанласа, товар баҳасына басым азаяды, базарда бәсеки күшейеди, тутыныўшының таңлаў имканияты кеңейеди.
Логистикадағы ең әҳмийетли жойбар бағдары сыпатында трансаўған темир жолы күн тәртибине қойылды. Термиз - Мозори Шариф - Қабул - Пешовар жөнелисиндеги темир жолдың узынлығы 760 километр параметр менен додаланбақта. Ресурс ҳәм мүддет бойынша рәсмий есап-санақларда жүк тасыў мүддетин 35 күннен 3-5 күнге түсириў, стандарт контейнер тасыўдың баҳасын дерлик үш есеге азайтыў көрсеткишлери мақсет параметрлери сыпатында келтирилген. Бул санлар қурғақ статистика емес: ўақыт қысқарса, капитал айланысы тезлеседи, қоймахана қәрежети арзанласады, товардың базарға шығыў мүддети қысқарады, логистика үстеме азайғаны болса өнимниң баҳасына тиккелей тәсир етеди. Онда экономикалық нәтийже тек ғана жолдан емес, ал жол әтирапындағы хызметлерден де келеди: терминал, қоймахана, контейнер инфраструктурасы, жедел бажыхана ҳәм сертификатлаў процеси қаншелли үйлесикли шөлкемлестирилсе, жойбар нәтийжеси соншелли турақлы болады.
Тезлик факторын күшейткен екинши бағдар - ҳаўа қатнаўы. Өз-ара авиақатнаўлардың ҳәптесине төртке шыққаны исбилерменлер ушын оператив ушырасыўларды тәмийинлейди, хызметлер экспорты ҳәм туризм ағымын хошаметлейди, сөйлесиўлердиң шешимге айланыў мүддетин қысқартады. Бүгинги экономикада ўақыт ақшалардан кем емес: келисим тез дүзилсе, товар тез ҳәрекетленсе, инвестиция тез кирип келсе, экономикалық жеделлик тезлиги де артады.
Саўданың және бир көринбес двигатели бар: тәртип-қағыйдалар. Жеңиллетилген саўда ҳәм транзит саўда бойынша келисимлердиң әмелдеги баҳасы усы жерде көринеди: рәсмийлестириў қәрежети қысқарады, шегарадағы ўақыт жоғалтыўы азаяды, исбилермен ушын қағыйдалар анықласады. Сол себепли бажыхана, санитариялық-фитосанитариялық ҳәм сертификатлаў талапларын муўапықластырыў, электрон декларациялаў ҳәм "бир айна" принципин ислеў дәрежесине шығарыў, транзит рухсатнамаларын ашық-айдын тәртипке салыў бирге ислесиўдиң әмелий тийкарғы ўазыйпалары сыпатында көрилмекте. Бюрократия қысқарған сайын базар кеңейеди. Себеби бизнес ушын ең қымбат ресурс ўақыт болып есапланады.
Инвестиция ҳәм санаат кооперациясы: Қосымша қунды биргеликте жаратыў
Экономикалық байланыслар тек ғана саўда менен шекленип қалса, мәмлекетлер "сатыўшы - алыўшы" форматында қалып кетеди. Раўажланыўды тезлестиретуғын тийкарғы жол болса кооперация, яғный қосымша қунды биргеликте жаратыў. Өзбекстан ҳәм Пакистан экономикасының бир-бирин толықтыратуғын өзгешелиги бул жолды тәбийғый түрде ашады: Өзбекстан аўыл хожалығы өнимлери, ийирилген жип, химиялық товарлар ҳәм транспорт хызметлерин, Пакистан болса фармацевтика, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм жеңил санаат өнимлерин усынады. Бул структура биргеликтеги өндирис ҳәм биргеликтеги экспорт ушын таяр база.
Кооперацияның тийкарғы абзаллығы - қун шынжырының мәмлекет ишинде қалыўы. Таяр өним шийки затқа салыстырғанда көбирек жумыс орнын ашады, кеңирек салық базасын қәлиплестиреди. Технология, дизайн, маркетинг ҳәм стандартлар сыяқлы билим талап ететуғын тараўларды раўажландырады. Усы мәниде фармацевтика, тоқымашылық ҳәм былғары санааты бойынша бирге ислесиўди тереңлестириў ҳаққындағы келисимлер экономикалық көбейтиўши ўазыйпасын атқарады: бир тәрептиң ресурс ҳәм өндирислик имканиятлары екинши тәрептиң базар, технология ҳәм кооперация шынжыры менен толықтырылады.
Инвестиция процесиниң тезлесиўи ушын болса еки фактор шешиўши әҳмийетке ийе: исеним ҳәм қағыйдалар. Инвестор ушын әҳмийетли сигнал - кепиллик ҳәм прогноз етилетуғын орталық. Соның ушын биргеликтеги жойбарларда узақ мүддетли шәртнамалар, жер ҳәм инфраструктура бойынша анық тәртип, салық, бажыхана жеңилликлериниң ашық-айдын нормалары, интеллектуаллық мүлк ҳуқықын қорғаў, келиспеўшиликлерди шешиў механизмлериниң исенимлилиги биринши орынға шығады. Қәўип азайған жерге капитал кирип келеди. Капитал менен бирге технология, басқарыў мәденияты ҳәм жаңа базарларға шығыў каналы да келеди. Демек, инвестиция тек пул емес, экономиканың сапасын өзгертиўши фактор.
Кооперацияны тезлестиретуғын әмелий шешимлер де анық. Фармацевтикада сертификатлаў ҳәм лаборатория талапларын өз-ара тән алыў жолы ашылса, дәрилер базарға тез киреди, бәсеки күшейеди, халық ушын таңлаў кеңейеди. Тоқымашылықта "талшықтан таяр кийимге шекем" шынжырды бирлестириў экспортта бренд, дизайн ҳәм маркетинг баҳасын арттырады. Есап-санақлар ҳәм төлемлер системасында тиккелей банклераралық байланыслардың кеңейиўи, төлемлерди тезлестириў, экспорталды қаржыландырыў ҳәм экспорт қамсызландырыўы инструментлериниң күшейиўи саўданың реал пәтин арттырады. Бул бағдарлар тиккелей товар көлеми ҳәм инвестиция динамикасына тәсир ететуғын системалы тезлеткишлер болып есапланады.
Инсан капиталы ҳәм хызметлер: экономикалық келисимлердиң турақлы таянышы
Экономикада ҳәр қандай үлкен жойбардың даўамлылығы кадр ҳәм билимге байланыслы. Сол себепли билимлендириў, туризм, мәдений-гуманитарлық байланыслар ҳәм хызметлер тараўындағы бирге ислесиўге экономикалық келисимлердиң инсан капиталына таянған бөлеги сыпатында қаралмақта. Карачи қаласында “UzbekPak International Trading Centre” саўда үйи ҳәм “UzbekPak Cultural Centre” мәдений орайының ашылыўы мине усы қатнастың әмелий көриниси болып есапланады: исбилермен ушын мағлыўмат ҳәм шерик табыў аңсатласады, мәдений бағдарламалар халықлар арасында исенимди беккемлейди. Исеним беккемленген жерде бизнес те тезлеседи. Себеби ҳәр бир келисимниң артында белгили дәрежеде исеним турады.
Туризм бағдарында виза тәртибиниң жеңиллестирилиўи ҳәм тиккелей қатнаўлардың жолға қойылыўы халық ушын тиккелей қолайлық жаратады. Туризм экономикасында пул айланысы тез тараўлардан: мийманхана, улыўма аўқатланыў, транспорт, гидлик хызметлери, өнерментшилик ҳәм мәдений илажлар - булардың ҳәр бири киши ҳәм орта бизнеске дәрамат келтиреди. Турист көбейгени сайын хызмет көрсетиў мәденияты өседи, қала инфраструктурасы жаңаланады, жаңа жумыс орынлары ашылады. Бул - халыққа сезилетуғын нәтийжениң ең тез көринетуғын тәреплеринен.
Билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаўда болса алмасыў бағдарламалары, стажировкалар ҳәм қоспа курслар бирге ислесиўдиң узақ мүддетли болыўын тәмийинлейди. Логистика, сыртқы саўда ҳуқықы, бажыхана иси, фармацевтика стандартлары, тоқымашылық технологиялары, ИТ ҳәм туризмди басқарыў сыяқлы тараўларда маман қәнигелер көбейгени сайын келисимлердиң орынланыўы тезлеседи, қәтелер азаяды, системалы ислесиў мәденияты қәлиплеседи. Соның ушын инсан капиталына инвестиция киргизиў экономикалық стратегияның көринбейтуғын, бирақ шешиўши бөлеги болып есапланады.
Регионаллық турақлылық экономикалық мәп пенен де тығыз байланыслы. Аўғанстан әтирапындағы қәўипсизлик ҳәм транзит турақлылығы тәмийинленген шараятта темир жол ҳәм автомобиль жоллары үзликсиз ислейди. Қамсызландырыў ҳәм тасыў қәрежети азаяды, инвестордың исеними беккемленеди. Усы мәнисте, сиясий-дипломатиялық сөйлесиў экономикалық шараятты турақластырыўшы фактор сыпатында да үлкен әҳмийетке ийе.
Жуўмақ: келисимниң баҳасы - орынлаў ҳәм халық сезимлери
Өзбекстан - Пакистан бирге ислесиўиниң ең дурыс баҳасы оның нәтийжеси менен өлшенеди. 2025-жылдағы 445,8 миллион долларлық саўда көлеми бирге ислесиў механизми ислеп атырғанын көрсетти. Саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў мақсети анық ўазыйпа сыпатында күн тәртибине қойылды. Трансаўған коридоры бойынша додаланған параметрлер - мүддет ҳәм қәрежеттиң кескин қысқарыўы - логистиканың экономикалық логикасын ашық көрсетеди: ўақыттың қысқарыўы ҳәм қәрежеттиң азайыўы товар баҳасына, бизнес жеделлигине ҳәм жумыс орынларына тиккелей тәсир етеди.
Енди шешиўши норма - атқарыў тәртиби. Ҳәр бир келисим бойынша жуўапкер орынлаўшылар, мүддетлер ҳәм өлшенетуғын нәтийже көрсеткишлери белгиленгенде, бирге ислесиў режеден реал нәтийжеге айланады. Әне сонда дипломатияның қуны статистикада емес, базардағы баҳада, жолдағы ўақытта, жаңа жумыс орнында, талабанның имканияты ҳәм исбилерменниң исениминде көринеди. Еки мәмлекет басшылары белгилеп берген тийкарғы мақсет те сол: келисимлер халыққа сезилерли нәтийже берсин, экономикалық байланыслар турақлы ҳәм үзликсиз өссин, Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы жаңа экономикалық көпир әмелий мазмун менен байысын.
Қаландар АБДУРАҲМАНОВ,
академик