Өзбекстан - суверен мәмлекет

    2 желтоқсан 2024 30

    Өзбекстанда жаңа раўажланыў дәўири басланғанына еле көп ўақыт болмады - сегиз жыл.

    Бирақ, тарийхый қысқа дәўирде мисли көрилмеген үлкен өзгерислердиң гүўасы болмақтамыз. Ҳәзир бул өзгерислерди, ҳәр биримиздиң турмысымызға жаңаша руўх бағышлаған реформалардың нәтийжесин, оның тийкарларын айрықша санап көрсек үлкен бир топлам болады.

    Хош, бул өзгерислердиң тийкары неде, деген сораў берилсе, ҳеш гүманланбай төмендегише жуўап берген болар едик: Президентимиз Шавкат Мирзиёев исенимли сиясий ерк-ықрар менен пүткил халқымызды уллы мақсетлерге ерисиўде өз-ара тилеклеслик ҳәм аўызбиршилик жолына баслады. Нәтийжеде, көп миллетли халқымызда үлкен исеним пайда болды. Бул исеним, бурынғыдай, тек ғана келешек ушын емес, ал бүгинги турмысымызды өзгертиўге болған қүдиретли ҳәм реал ўақыялар менен беккемленип, тийкарланып барды.

    Ең әҳмийетлиси, "ислеўге - жумысы, жасаўға - үйи болған, пуқаралары тыныш ҳәм еркин, турмыстан разы, дастурханы мол, шаңарағы бахытлы ҳәм абадан жасайтуғын мәмлекет қурыўды мақсет етиў" әпиўайы нәрсе емес еди. Биз өткен қысқа дәўирде бундай уллы ҳәрекетлеримиздиң нызамлы тийкарларын да жарата алдық.

    Бас тийкарымыз - 2023-жыл 30-апрель күни улыўмахалықлық референдум тийкарында жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямыз болды.

    Усы жерде бул Конституциямыздың айрықша әҳмийетли тәреплери ҳаққында айырым мағлыўматларды келтирип өтемиз.

    Бириншиден, референдумда қатнасқан пуқаралардың 90,21 проценти жаңа редакциядағы Конституциямызды қоллап-қуўатлап даўыс берди. Бул халқымыздың Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша арзыў-нийетлери ҳәм умтылыслары турмыста өз көринисин таўып атырғанынан дәрек береди.

    Екиншиден, жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямыздың 1-статьясында миллий мәмлекетшилик тарийхымызда биринши мәрте Өзбекстан - басқарыўдың республика формасына ийе болған СУВЕРЕН, ДЕМОКРАТИЯЛЫҚ, ҲУҚЫҚЫЙ, СОЦИАЛЛЫҚ ҲӘМ ДҮНЬЯЛЫҚ МӘМЛЕКЕТ екенлиги беккем белгилеп қойылды.

    Үшиншиден, Конституцияда мәмлекет қурылысының жаңа стратегиялық мақсети социаллық мәмлекет қурыў екенлиги белгилеп берилди, социаллық әдиллик ҳәм тилеклеслик принциплери енгизилди, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың пүткиллей жаңа механизмлерин нәзерде тутатуғын конституциялық тийкарлар беккемленди.

    Төртиншиден, Бас нызамымызды сөзсиз ҳәм толық әмелге асырыў, онда беккемленген тийкарғы принциплерди Жаңа Өзбекстанның уллы идеясына үнлес тәризде жүзеге шығарыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын жаңаша конституциялық-ҳуқықый шараятларда жолға қойыў, пуқаралар өз турмысында халық Конституциясының руўхын анық сезинип турыўын тәмийинлеў мақсети қойылды.

    Бесиншиден, жаңа редакциядағы Конституция жоқары юридикалық күшке ийе екенлигинен келип шығып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында тиккелей ҳәм сөзсиз қолланылыў принципи енгизилди.

    Алтыншыдан, Тийкарғы нызамымыз нормаларын оларды әмелге асырыў ушын басқа нызамшылық ҳүжжетлериниң жоқлығы ямаса нызамшылыққа Конституцияға муўапық өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмегенлиги себепли қолланыўдан бас тартыў қатаң қадаған етилди.

    Әлбетте, Конституциямыздың жаңа мақсетлери жүдә көп ҳәм оғада халықшыл принциплерге ийе екенлиги менен ажыралып турады. Негизинде олардың ҳәр бири үлкен бир тема.

    Сонлықтан, «Янги Ўзбекистон» газетасы жәмәәти усы ҳәптеде жаңа редакциядағы Конституциямызда белгиленген бес тийкарғы принцип - суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет қурыў жолындағы бас мақсетлеримиздиң мазмун-мәнисин бирме-бир таллаўға кириспекте.

    Бир сөз бенен айтқанда, өзине тән конституциялық ҳәптелик мазмунын өзинде жәмлестирген газетамыздың усы ҳәптедеги бес арнаўлы санында жоқарыдағы бес әҳмийетли принцип айрықша талланады.

    Арнаўлы санларымыздың бириншисин «Өзбекстан - суверен мәмлекет» деп атадық. Бул санда сиз суверен мәмлекет статусын беккемлеў, атап айтқанда, жаңа сынақ ҳәм қәўип-қәтерлер шараятында миллий мәплердиң үстинлигин тәмийинлеў, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған сыртқы сиясатты даўам еттириў, экономикалық ғәрезсизлик, экология, жаслар ҳәм билимлендириўге итибардың конституциялық тәреплери ҳаққындағы мақалалар менен танысыўыңыз мүмкин болады.

    Мақсетимиз халқымызды Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 17-октябрьдеги "Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы пәрманында атап өтилгениндей, "Конституция - еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи!" деген бас идея тийкарында турмыслық қызғын мақсетлерге қарай руўхландырыў, халық ҳәкимияты, инсан қәдири, еркинлик ҳәм теңлик, социаллық әдиллик ҳәм аўызбиршилик сыяқлы ийгилики идеялар әтирапында бирлесиў болып есапланады.

    РЕДАКЦИЯ

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates