Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид естелик алдында жыйналғанларға байрам қутлықлаўын жоллады.
Буннан соң тийкарғы байрам илажы Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының мәжилислер залында даўам етти. Онда жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Илажда Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Сайид, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Нодиржон Холбутаев, Жазыўшылар аўқамы баслығының дөретиўшилик мәселелери бойынша биринши орынбасары Минҳожиддин Мирза, филология илимлериниң докторы, профессорлар - Пердебай Нажимов, Низомиддин Маҳмудов, Баҳодир Каримов шығып сөйлеп, қарақалпақ тилиниң бай тарийхы, әдебиятының өзине тән жетискенликлери, көркемлик дәрежеси ҳаққында пикир билдирди.
Қарақалпақ тилинде жаңлаған нама-қосықлар жыйналғанлардың кеўлине байрам кейпиятын бағышлады.
Қарақалпақ тили - түркий тиллердиң қыпшық топарына тийисли тиллерден; қазақ ҳәм ноғай тиллери менен биргеликте қыпшық тиллериниң қыпшық-ноғай киши топарын қурайды. Тийкарынан, Қарақалпақстанда, сондай-ақ, Хорезм, Наўайы, Бухара ўәлаятлары және Қазақстан ҳәм Түркменстанның оған қоңсылас аймақларында, Россия Федерациясы ҳәм Аўғанстанда тарқалған.
1989-жыл 1-декабрь - Қарақалпақстан тарийхындағы әҳмийетли сәнелерден бири. Әйне сол күни қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил статусы берилди.
Мағлыўмат ушын, қарақалпақ жазыўы да өзбек жазыўы сыяқлы бир неше басқышларды басынан өткерген. Ол 1928-жылға шекем араб әлипбеси тийкарында жазылған болса, кейин латын әлипбесине өтти. 1940-жылы кирилл жазыўына, 1994-жылы болса және латын әлипбесин қабыл еткен.
Бүгинги күнде қарақалпақ тилин буннан былай да байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта.
Атап айтқанда, қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалар, көркем китаплар басып шығарылып атырғаны, илимий әнжуманлар ҳәм басқа да илажлардың шөлкемлестирилип атырғаны, Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин терең үйретиўге қәнигелескен дөретиўшилик мектебиниң ашылғанын атап өтиў мүмкин. Жазыўшылар қыябанында қарақалпақ шайыр ҳәм жазыўшыларының естеликлерин орнатыў усылардың қатарына киреди.