Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында айтылған бул сөз үш мың жыллық тарийхта илим, ақыл ҳәм данышпанлық пенен цивилизация бесигин тербеткен ата-бабаларымызға мүнәсип болыў қуўатын береди.
Мүрәжатта барлық тараўларда ерисилген жетискенликлер бирме-бир тилге алынғаны бийкарға емес, әлбетте. Бир ғана илим тараўын алайық: халықаралық пән олимпиадаларында қатнасқан жасларымыз 2019-жылы 30, 2020-жылы 25, 2021-жылы 45, 2022-жылы 41, 2023-жылы 96, 2024-жылы 128 медалды қолға киргизген. 2025-жылы болса бул көрсеткиш дерлик еки есеге артып, 29 халықаралық олимпиадада 210 медаль қолға киргизилген. Соннан 40 алтын, 78 гүмис ҳәм 92 бронза. Бул нәтийжелер болса елимизде Беруний, Хорезмий, Ибн Сино, Аҳмад Фарғаний, Имам Бухарий, Мырза Улығбек сыяқлы уллы ата-бабаларға мүнәсип әўлад камалға киятырғанынан дәрек береди. Жоқарыдағы нәтийжелер тек ғана статистика емес, ал мәмлекетимизде билимлендириў системасында алып барылған реформалар, жаратылған имканиятлар, тынымсыз мийнет ҳәм изленислердиң жемиси болып есапланады. Өткен жылы спортта, атап айтқанда, футбол, шахмат, бокс, параспортта ерисилген жетискенликлер пүткил дүньяға өзбекстанлылар үйрениўден көре көбирек үйретиўге уқыплы екенин айқын көрсетти, десек асыра айтқан болмаймыз. Тек ғана шахмат ойынларын алайық, 2025-жылдың 26-ноябрь күни Жавоҳир Синдоров Ҳиндстанның Гоа қаласында жуўмақланған шахмат бойынша Жәҳән кубогиниң жеңимпазлығын қолға киргизди. Бул абырайлы жарыста дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен 200 ден аслам шахматшы бас сыйлық ушын гүрес алып барды. Жавоҳир Синдоров беллесиўлердиң финалына шекем жетип барды. Шешиўши беллесиўде қытайлы спортшыны жеңип шықты
Өзбекстан келеси жылы 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасына, 2027-жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасындағы жәҳән чемпионатына, 2029-жылы болса Жаслар Азия ойынларына басшылық етиўи де халықаралық жәмийетшиликтеги орнымызды және де беккемлеўге хызмет етеди.
Тек күш ҳәм мәртликте емес, ал билим алыў, ийелеген билимлерин турмысқа енгизиўде спортшылардан қалыспайтуғын ул-қызларымыздың Оксфорд, Гарвард, Кембридж сыяқлы дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға кирип атырғаны билимлендириў ҳәм тәрбия тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың айқын нәтийжеси болып есапланады.
2026-жылы елимизде биринши мәрте мектеп оқыўшылары арасында абырайлы халықаралық химия ҳәм информатика олимпиадалары, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер студентлери арасында инженерлик бағдарларында, Түркий мәмлекетлер техникумлары оқыўшылары арасында кәсип бағдарларында халықаралық олимпиадаларда елимиз жасларының қатнасатуғынын еситип, жүдә қуўандым.
Бүгин заман жеделлик пенен раўажланбақта. IТ, жасалма интеллект билимлендириў, медицина, санаат, қурылыс, экономика сыяқлы тараўларда кеңнен қолланылмақта. Институтимизда Миллий тәрбияның санлы педагогикалық тәмийнаты илимий-изертлеў бөлими тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў процесиниң методикалық тәмийнатын ҳәм мектепте оқытылатуғын барлық пәнлерде тәрбиялық процесслерди санлы контент ҳәм технологиялар менен байытыўға қаратылған илимий, оқыў-методикалық қолланбалар әмелиятқа енгизилмекте. Усы методикалық усыныслар тийкарында жаслар тәлим-тәрбиясына бағышланған подкаст, видеоконтент сценарийлери, тәрбия ҳәм билимлендириўди бир мақсет әтирапында санластырыў арқалы нәтийжелилик ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған методикалар ислеп шығылмақта. Ата-аналар, муғаллим-оқыўшылар ушын жаслар тәрбиясына байланыслы заманагөй қызықлы мағлыўматлар, жаңалықлар ҳәм санлы контентлер “milliytarbiya.uz” электрон платформасы ҳәм оның мобил версиясына жайластырылып барылмақта.
Мәҳәлле - киши ўатан
Биз - бүгин 38 миллионлық үлкен халықпыз. Машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетимиз бенен дүньяда ҳүрметке ерисип атырған, ертеңги күнге исеним менен исенимли баратырған, мәрт ҳәм мақтанышлы миллетимиз. Өзбекстан Қаҳарманы Иброҳим Ғафуровтың сөзи менен айтқанда, миллетлердиң қәлиплесиўи ҳәм жүзеге шығыўы жүдә-жүдә узақ ҳәм ҳәттеки көзге көринбейтуғын процесслерде өтеди. Бул процесслер ҳеш қашан тоқтамайды.
Өзбекстан халқының үлкен бөлегин жаслар қурайтуғыны ҳәммеге белгили. Өзбекстан халқы жылына орташа 2 процентке өсип атырған ҳәзирги ўақытта 1 миллионнан аслам ул-қызларымыз үлкен өмирге кирип келмекте. "Бир балаға жети қоңсы ата-ана", "Ўатан босағадан басланады", сыяқлы өзбек халық мақалларында перзент тәрбиясына тек ата-ана, шаңарақ ағзалары емес, ал пүткил мәҳәлле жуўапкер екенлиги атап өтиледи.
Институтимиздың "Мәҳәлле - шаңарақ - мектеп" бирге ислесиўи илимий-изертлеў бөлими мәҳәллелер, шаңарақлар ҳәм мектеплерде әмелге асырылып атырған миллий тәрбия процесслерин илимий изертлейди. Бул процессте мәҳәллелердиң миллий тәрбиялық ресурсларын тиклеў, ата-аналардың перзент тәрбиясы ушын жуўапкершилигин арттырыўдың илимий тийкарланған стратегиялары ислеп шығылып, жетилистириледи. "Мәҳәлле - шаңарақ - мектеп" бирге ислесиўиниң илимий-теориялық, методикалық ҳәм аналитикалық изертлеўлери өткериледи. Үзликсиз билимлендириў системасында миллий тәрбия процесиниң сапасы ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў, халықаралық бағдарлама талаплары тийкарында жетилистириўге байланыслы илимий-изертлеў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде, жас әўлад, бәринен бурын, шаңарақта тәрбияланады, мәҳәлле орталығында үлкейеди, дослары, теңлеслери менен ўақыт өткереди, елге қосылады. Миллий қәдирият ҳәм дәстүрлерди, кекселердиң ҳалынан хабар алыў, жәрдемге мүтәжлерди қоллап-қуўатлаў, той ҳәм мәресимлерге қатнасыўды үйренеди. Мүрәжатта мәҳәллелердиң жумысы айрықша тилге алынғаны бийкарға емес. Бәршемиз ушын ҳәм ата, ҳәм ана болған мәҳәллеге, сол тийкарда ўатан тәғдирине байланыслылық сезими жоқары екени бул институт, бәринен бурын, социаллық тилеклеслик дәреги екенин көрсетеди. Мәҳәлледе жақынлар, дослар жәмийеттиң бир бөлегине айланады. 2026-жыл елимизде "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы", деп жәрияланыўы биз, педагоглар ушын қуўанышлы және жуўапкершиликли жыл болады. 9 мыңнан аслам мәҳәллени мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик, әдиллик ҳәм тәрбия орайына айландырыўдай ийгиликли мақсет жолында хызметке таярмыз.
Усы жылы мәҳәлле инфраструктурасы және де жақсыланып, оларға жаңа Өзбекстан келбети алып келинеди. Мәҳәлледеги ҳәр бир шаңарақ тыныш, абат, абадан болса, ҳәр бир инсан турмысынан разы болып жасаса, журт та абат болады. Буның ушын, бәринен бурын, ең шетки аймақларда да ишимлик суў, электр-энергия, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў зәрүр. Бул жумысларды әмелге асырыў үлкен күш ҳәм қаржы талап етеди. Президентимиз буларға да анық шешимлер берди. Соның ишинде, ўәлаят, район ҳәкимлерине нәтийжесиз ҳәм бир-бирин қайталайтуғын штат бирликлерин қысқартып, үнемленген қаржыны халықтың арасында қойған мәселелерди шешиў ушын ажыратыўға рухсат берилмекте. Бул арқалы районлардың бюджетинде жылына 5 триллион сумлық қосымша дәрек қәлиплеседи ҳәм ол мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға жумсалады.
Заманагөй идея - нәтийжели инвестиция дегени
Мүрәжатта атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жаңа идеялар ҳәм инвестицияларға шараят жаратыў ушын инновациялық хаб шөлкемлестириледи.
Ташкент қаласы, Бухара, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында 4 "Дата орай", 2 супер-компьютер ҳәм 15 жоқары оқыў орнында жасалма интеллект лабораториясының шөлкемлестирилгени де бул тараў жедел раўажланып атырғанынан дәрек береди.
Усы жылы 7 ўәлаятта, 2027-жылы болса қалған аймақларда Алдынғы кәсиплик шеберлик техникумы ҳәм "Кәсиплер қалашасы"ның жумысы жолға қойылады.
Медицина системасында да кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ушын Уллы Британияның “Pearson” компаниясы менен ҳәр бир аймақта бир техникумнан халықаралық стандарт тийкарында мийирбийкелер таярлаў басланды. Мине, усы техникумларға Германия, Швейцария, АҚШ, Япония сыяқлы мәмлекетлердиң билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.
Усы тийкарда халықаралық талапларға жуўап беретуғын, шет тиллерди билетуғын мийирбийкелер қурамы қәлиплестириледи. Ҳәзирги ўақытта жаңа технологиялар, санластырыў ҳәм жасалма интеллект тәсиринде дүньяда жумыс орынларының саны, түри ҳәм мазмуны кескин өзгермекте. Сол себепли, усы жылдан баслап ҳәр жылы кеминде 100 техникум толық оңланып, технологиялық ҳәм талап жоқары болған кәсиплерге бейимлестирип үскенеленип барылады. Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай, Корея сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың саны 100 ге жеткериледи.
Бүгин институтимизде де жас илимпазлар IТ ҳәм жасалма интеллектке байланыслы темаларда илимий изертлеў жумысларын алып бармақта. Келешекте билимлендириў процесинде IТ ҳәм санлы технологияларды сабақ процесине енгизиўдиң нәтийжели қураллары, усыллары ҳәм технологияларын ислеп шығыў ҳәм оларды әмелиятқа енгизиўди мақсет етип қойғанбыз. Оның ушын имканиятлар жетерли. Олардан нәтийжели пайдалана алсақ болды.
Халбай ИБРАИМОВ,
Қори Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты директоры, педагогика илимлериниң докторы, академик