Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 27-октябрь күни Сербия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған Момчило Бабичтен исеним жарлығын қабыл етти.
Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов елимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Украина елшиси Микола Дорошенко менен ушырасты.
Бүгин, 1-август күни Өзбекстан Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Данияның жаңадан тайынланған елшиси Еспер Варды қабыллады.
Усы жылдың 11-июль күни Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Аўғанстанның мәмлекетимиздеги елшиси Абдул Ғаффор Теравий менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстанның жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Илҳом Ҳайдаров Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанға исеним жарлықларын тапсырды.
Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов елши Сити Руҳаини Жуҳаятиннен исеним жарлықларының нусқаларын қабыллады.
Өзбекстанның жаңадан тайынланған елшиси Илҳом Ҳайдаров Түркия Сыртқы ислер министрлиги Протокол Бас басқармасының баслығы, елши Аҳмет Жемил Мироғлуға исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды.
Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов, елимизде өз жумысын жуўмақлап атырған Россияның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Олег Малгиновты СИМда қабыл етти.
Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Қытайдың Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Сзюн менен ушырасты.
Өзбекстанның Мальдив Республикасына тайынланған биринши елшиси Сардор Рустамбаев бүгин усы мәмлекет Президенти Муҳаммад Муиззға исеним жарлықларын тапсырды.