Москва қаласында Өзбекстан атом санааты ушын қәнигелер таярлаў мәселелери бойынша Россия-Өзбекстан биргеликтеги жумысшы топарының мәжилиси болып өтти. Ушырасыўға "Өзатом" агентлиги директоры Азим Ахмедхаджаев ҳәм "Росатом" мәмлекетлик компаниясы бас директорының хызметкерлер бойынша орынбасары Татьяна Терентьева басшылық етти.
Москвада Жәҳән атом ҳәптелиги даўам етпекте. Илаж шеңберинде стратегиялық әҳмийетке ийе еки келисимге қол қойылды.
Жиззақ ўәлаятында қуўатлылығы 2 ГВт болған ири АЭС ҳәм 110 МВт болған киши АЭСти бирлестиретуғын атом электр станциясын қурыў режелестирилмекте. Бул ҳаққында 25-сентябрь күни Москвада болып өткен Глобал атом форумында шығып сөйлеген Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев мәлим етти.