Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 4-октябрьдеги 617-санлы қарары "Меҳрибанлық" үйлери, Балалар қалашалары ҳәм шаңарақлық балалар үйлеринде тәрбияланған жаслар және "Жаслар дәптери"не киргизилген жаслардың мобилизация шақырыў резервиндеги хызметти өтеў төлемин қаплаў тәртибин белгилейди.
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында салтанатли илаж өткерилди.
Бүгинги күни Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында ерисип атырған барлық жетискенликлер ҳәм табысларымызда Қураллы Күшлеримиз және олардың қатарларында өз ўазыйпасын шын кеўилден атқарып атырған мыңлаған әскерлердиң үлеси бар десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм «Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен Тахтакөпир районлық Мәденият орайында район белсендилери, нураныйлар, жаслар ҳәм әскерий тараў хызметкерлериниң қатнасыўында салтанатлы байрам илажы болып өтти.
2025-жыл 13-январьда Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен 14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Сенатта семинар өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамына бағышланып, Нөкис қаласындағы Президент мектебинде «Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекет таянышы, халқымыз мақтанышы!» сүрени менен дөгерек сәўбети өткерилди.
«Жүз жүзге түскенде, ийман ишке түседи» дейди дана халқымыз. Шынында да сағынған инсанларың менен дийдарласқанға не жетсин. Бүгин заманагөй технологиялар әсиринде кимдидур сағынсаңыз, оны көриў ушын узақ жол басып жүрмейсиз.
Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.