Numbeo халықаралық порталының мағлыўматына бола, 2025-жыл 14-сентябрь жағдайына бола, Өзбекстан бензиннин арзанлығы бойынша дүньяның 127 мәмлекети арасында 30-орында жайласқан. Республикада бир литр жанылғының орташа баҳасы 0,98 АҚШ долларын қурады.
2-сентябрьден баслап "Өзбекнефтгаз" АЖ АИ-80 маркалы бензинди биржа саўдалары арқалы сатыўды тоқтатқан еди.
Бухара нефтти қайта ислеў заводында ислеп шығарылған АI-92 маркалы 1 литр бензинниң биржа саўдаларындағы баҳасы 9400 сумға шекем арзанластырылды.
АИ-80 маркалы бензиннен пайдаланыў атмосферада патасландырыўшы затлар ҳәм аўыр металлардың топланыўына алып келеди.
Тутыныўшылардың автобензинге болған талабын толық қанаатландырыў мәселеси мәмлекетлик қадағалаўға алынған. Баҳалардың тийкарсыз түрде арттырылыўына жол қойылмайды.