ЮНЕСКО тәрепинен Таваккал Қодиров туўылған күниниң 100 жыллығы 2026-2027-жылларда белгиленетуғын халықаралық юбилейлер дизимине рәсмий түрде киргизилди.
Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында болып өтип атырған Материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў бойынша ҳүкиметлераралық комитеттиң 20-сессиясында Қарақалпақстанның еки сийрек ушырасатуғын мәдений байлығы - Қобыз ҳәм отаў ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизилди.
ЮНЕСКО Нөкис ҳәм Самарқанд шөлкемниң Глобал билимлендириў қалалары тармағына қосылғанын жәриялады.
13-ноябрь күни Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының жуўмақлаўшы жалпы мәжилиси болып өтти. Бул сессия соңғы 40 жылда биринши мәрте Шөлкемниң бас резиденциясынан тысқарыда өткерилген ең ири халықаралық форумның табыслы жуўмағына жетти.
Өзбекстан Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Холид Аль-Ананийди ЮНЕСКО Секретариатының Бас директоры лаўазымына тайынланғаны менен қутлықлады.
2025-жыл 11-ноябрь күни Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясында Пүткил жер жүзилик мәдений ҳәм тәбийғый мийрасты қорғаў ҳаққындағы конвенцияға ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери Өзбекстанның 25-Бас Ассамблея баслығы лаўазымына талабанлығын бир аўыздан қоллап-қуўатлады.
Парижде ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде "Самарқанд: 3000 жыллық мийрас" атамасында халықаралық конференция болып өтти.
Самарқандта ЮНЕСКОның Беруний атындағы халықаралық сыйлығының жеңимпазлары анықланды.
3-ноябрь күни Ташкент қаласында болып өткен ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясында дүнья жүзилик түркий тиллер күнин белгилеў басламасы шөлкемге ағза мәмлекетлер тәрепинен бир аўыздан мақулланды.
Самарқандта дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен жас жетекшилер, экспертлер ҳәм миллий комиссиялардың ўәкиллерин бирлестирген ЮНЕСКОның 14-Жаслар форумының жуўмақлаўшы илажлары болып өтти.