Халық депутатлары Сырдәрья ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.
Мағлыўматларға қарағанда, усы жылдың 2-март күни егилген туқымлардан бүгинги күнге келип 7-8 тонна әтирапында өним алынбақта.
Усы жылдың 18-март күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Венгрияның «OTP Group» концерни делегациясы менен ушырасыў өткерди ҳәм топар қурамына киретуғын компания менен ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў бойынша бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде қатнасты.
Президент Шавкат Мирзиёев 25-февраль күни Сырдәрья ўәлаятының экономикасын раўажландырыў, жумыс орынларын ҳәм инвестицияларды көбейтиў бойынша 2025-жылға шекемги режелерди додалаў бойынша мәжилис өткерди.
Сырдәрья ўәлаяты Мирзаабад районы Т.Аҳмедов мәҳәллесинде Өзбекстан халық шайыры Тўра Сулайман үй-музейи ашылды.
Россияның Томск ўәлаяты губернаторы Владимир Мазур басшылығындағы делегация әмелий сапар менен Өзбекстанда болды.