Делегация қурамынан Томск ўәлаяты ҳәкимшилигиниң ўәкиллери, жоқары оқыў орынлары, ири кәрхана ҳәм санаат шөлкемлери, аўыл хожалығы холдинглериниң басшылары орын алды.
Сырдәрья ўәлаятына сапары ўақтында делегация ағзалары «Peng Sheng» санаат комплексиниң жумысы менен танысты.
Томск ўәлаяты губернаторы экономика, аўыл хожалығы, санаат, энергетика, илимий-техникалық, мәдений-гуманитар тараўларында еки тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.
Сондай-ақ, еки ўәлаят арасындағы товар алмасыў ҳәм санаат кооперациясын арттырыў мақсетинде "Сырдәрья" санаат зонасы ҳәм "Томск" арнаўлы экономика зонасы арасындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша қызығыўшылық билдирилди.
Ушырасыўлар жуўмағы бойынша Томск ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары арасында түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Россия делегациясы Ташкент ўәлаятына сапары ўақтында, аймақ басшылары менен аўыл хожалығы, шарўашылық, санаат, қурылыс, энергетика ҳәм электротехника өнимлерин ислеп шығарыў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалады. Сөйлесиўлер жуўмағында түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Сапар даўамында "Өзбекнефтгаз" АЖ ҳәм "Өзхимиясанаат" АКда да сөйлесиўлер өткерилди. Онда белгили бағдарлар бойынша кең көлемли өз-ара байланыслар додаланды ҳәм бирге ислесиў бойынша жол картасын ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.
Томск қаласындағы жетекши жоқары оқыў орынлары ўәкиллериниң мәмлекетимиздеги бир қатар жоқары оқыў орынлары ректорлары менен ушырасыўлары болып өтти.
Атап айтқанда, Томск мәмлекетлик басқарыў системалары ҳәм радиоэлектроника университети басшылығы Өзбекстан тәрепи менен студентлер ҳәм оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыўдың биргеликтеги механизмлерин кеңейтиў мәселесин додалады.
Россия ўәкиллери электроника, ракета-космослық санаат, iТ ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги тараўларында инженер кадрлар таярлайтуғын Өзбекстан жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў мәселесине де үлкен қызығыўшылық билдирди.
Ташкент химия-технология институтының Янгиер қаласындағы филиалы менен студентлердиң академиялық алмасыў бағдарламаларында қатнасыў имканиятлары ҳәм 2025-жыл ушын перспективалы режелер додаланды.
Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының басшылары менен өткерилген сөйлесиўлер ўақтында студентлер алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген биргеликтеги илимий жойбарлар үстинде ислесиў зәрүр екенлигине итибар қаратылды, деп хабар береди "ДУНЁ" ХА.