Балалар миллий медицина орайында және бир сийрек ушырасатуғын операция қолға алынды.
Өзбекстан тарийхында биринши мәрте ангиоваскуляр усылда абернетти синдромына қарсы хирургиялық емлеў өткерилди.
Президентимиздиң басламасы менен Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 25-августтағы «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 427-санлы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билимлендириў мектеплеринде 1-4-класс оқыўшыларын бийпул аўқатландырыў бойынша система енгизилген еди.
Усы жылы 16-январьда Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Елимизде ҳеш бир бала итибардан шетте қалмайды. Аралбойы балалары ушын арнаўлы қурылған Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде бүгинги күни республикамыз балалары тәлим алыў менен бирге, өзлериниң денсаўлығын да тиклеп атыр.