Президент қол қойған үшинши ҳүжжетке бола, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш "жаслар банки"не айландырылып, оған 200 миллион доллар ажыратылды.
28-январь күни Нөкис қаласындағы Алоқа банк имаратында Startup Garage филиалы ашылды. Бул жойбар AloqaBank, AloqaVentures ҳәм Startup Garage басламасы менен шөлкемлестирилген. Мәнзил Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, Ислам Кәримов көшеси 102-жай.