Бирлескен гүрес дүньясы (United World Wrestling - UWW) тәрепинен усы жылдың декабрь айында 2025-жылғы спорт мәўсиминиң жуўмақлары бойынша дүнья жүзи рейтинги жәрияланды. Жаңаланған мағлыўматларға бола, грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасының бир ўақыттың өзинде үш ўәкили өз салмақ категорияларында биринши орынларды ийеледи.
Өзбекстанда бизнести раўажландырыў ушын жаратылып атырған кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде жас исбилерменлердиң саны артып бармақта. Атап айтқанда, 2025-2027-жылларға мөлшерленген "Жаслар бизнеси", "Бизнеске биринши қәдем", "Жаслар ушын жумыс орынлары" бағдарламалары шеңберинде жас исбилерменлерди жеңилликли қаржыландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары әмелге асырылмақта.
Дүньяның 185 мәмлекетинде инфраструктураның сапасын баҳалаўшы Global Quality Infrastructure Index (GQII) рейтинги жәрияланды.
Глобал инновациялар индекси (Global Innovation Index, GII) ниң 2025-жыл ушын жыллық рейтингинде Өзбекстан дүньяның 139 мәмлекети арасында 79-орынды ийеледи.
Халықаралық ҳаўа транспорты ассоциациясы (IАТА) мағлыўматлары тийкарында дүзилген жаңаланған мағлыўматларына бола, Өзбекстан паспорты жәҳән рейтингинде 8 текшеге көтерилип, 72-орынды ийеледи.
Numbeo порталы 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы ең қәўипсиз мәмлекетлер дизимин жәриялады.
"Турақлы раўажланыў шешимлери тармағы" халықаралық шөлкеми тәрепинен 2025-жыл ушын жәрияланған Турақлы раўажланыў есабаты рейтингинде Өзбекстан өз көрсеткишин 19 текшеге жақсылап, 167 мәмлекет арасында 62-орынды ийеледи.
Халықаралық электр байланысы аўқамының “ICT Regulatory Tracker” рейтингинде Өзбекстан 45 баллға көтерилди ҳәм G 3 дәрежесине көтерилип, Орайлық Азияда ең жоқары орынға шықты.
2025-жыл 25-апрельде Fitch Ratings халықаралық рейтинг агентлиги Ташкент қаласына "Турақлы" прогнозы ҳәм ВВ- дәрежесиндеги узақ мүддетли кредит рейтингин берди.
Гарвард университетиниң Өсиў лабораториясы Экономикалық қурамалылық индекси (ECI) нәтийжелерин жәриялады.