Алдын хабар бергенимиздей, усы күнлерде Қарақалпақстанда болып турған Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев районларда суў хожалығы тараўында, сондай-ақ, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныспақта,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.
Ҳәзирден баслап бәҳәрги егис мәўсимине таярлық көриў, соның ишинде, атызларға суў жеткериў ўазыйпасын атқаратуғын жап салмаларды тазалап, ағын суўдың иркинишсиз өтиўин тәмийинлеў ҳәм жолда ысырап болыўының алдын алыў ушын шараятлар жаратыў егис мәўсими ўақтында жумыслардың жеңиллесиўине мүмкиншилик жаратады.
Алдын хабар бергенимиздей, республикамыздың барлық районларындағы бийдай атызларында тәрбиялаў жумыслары, бәҳәрги егис мәўсимине техникаларды ҳәм жерлерди таярлаў, жап-салмаларды тазалаў сыяқлы илажлар қызғын даўам етпекте.