Пиллешилик – елимизде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, қосымша дәрамат дәрегин жаратыў ҳәм миллий дәстүрлерди қәстерлеп сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Пилле жетистириў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе болған берунийли пиллекешлер быйыл да жедел жумыс алып барып, пиллешилик мәўсимине қызғын кирисип кетти.
Бир ай мүддетте Қытай, Вьетнам, Ҳиндстан ҳәм Япония мәмлекетлеринен пиллешилик тараўындағы қәнигелерди ҳаял-қызлардың пиллешилик тараўында қысқа мүддетли оқыў курсларына тартыў илажлары көриледи.