Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШтың Юта штатының ақсақалы Дэвид Беднар ҳәм «Stirling» халықаралық қайырқомлық фондының баслығы Майлс Хансен қурамындағы бизнес делегациясын қабыллады. Ушырасыўда АҚШтың Өзбекстандағы елшиси Жонатан Хеник те қатнасты.
Пекин қаласына рәсмий сапары шеңберинде 2-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Цян менен ушырасыўы болып өтти.
Тәреплер "Орайлық Азияның бирден-бир энергетика системасына қайта жалғаныў" жойбары шеңберинде жүзеге келетуғын техникалық мәселелерге айрықша итибар қаратты.
Ушырасыўда жойбардың ҳәзирги жағдайы ҳәм суў-энергетика балансын муўапықластырыў мәселелери көрип шығылды.
Усы жылдың 31-март күни Тәжикстанның Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң қатнасыўында тарийхта биринши мәрте үш тәреплеме саммит болып өтеди.
Францияның Париж қаласында Өзбекстан таллаў орайларының делегациясы "Орайлық Азиядағы интеграция процесслериниң әҳмийетли мәселелери ҳәм Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қарым-қатнасты кеңейтиў" темасындағы дөгерек сәўбетинде қатнасты, сондай-ақ, сапар шеңберинде европалы бирге ислесиўшилер менен бир қатар ушырасыўлар өткерилди.