Қытайдың Гуандун провинциясы Шэньжэнь қаласында "Huawei ICT Competition 2024-2025" халықаралық жарысының жуўмақлаўшы финал басқышы болып өтти.
Үргенш қаласындағы 3-санлы мектеп оқыўшысы, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шаҳзода Камолова усы университетке қабыл етилди.
Елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилети ҳәм потенциалын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Мине, усындай ийгиликли мақсет жолында шөлкемлестирилип атырған илажлардан бири – «Студентлер бәҳәри» фестивалы быйыл да жоқары көтериңкилик руўхта өткерилди.
«Өз алдына уллы мақсетлерди қойған халық тек саламат ҳәм күшли болған жағдайда ғана гөзлеген нийетине ерисе алады. Халқымыздың саламат болыўы ҳәм уллы жумысларды әмелге асыра алыўында дене тәрбиясы ҳәм спорттың әҳмийети жоқары», – деп атап өткен еди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти ҳәм студент-жаслары елимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм бул арқалы халықтың турмыс тәризин жақсылаўға бағдарланған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги абаданластырыў және көклемзарластырыў жумысларын даўам еттирмекте,-деп хабар бермекте институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Үш мың жылдан аслам тарийхқа ийе болған Наўрыз – өзинде барлық миллий үрп-әдет дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызды жәмлегени менен халқымыз ушын оғада қәдирли есапланады. Быйылғы Наўрыз байрамы елимизде “Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!” сүрени астында улыўмахалықлық сейил тәризинде көтериңкилик жағдайында белгиленбекте.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлер турақ жайында қарақалпақ халқының миллий тағамы – жүўери гүртик таярланды.
Газета-халықтың айнасы. Социаллық тармақлар турмысымызға кирип келмеген ўақытлары баспасөздиң тийкарғы тараўлары болған газета-журналлар хабар ҳәм жаңалықларды тарқатыўда халықтың ең жақын информациялық қуралы болып келди.
Қытайдың Ханчжоу Дяньцзи университетинде Халықаралық мәденият фестивалы болып өтти.
Бүгин Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар басшылығындағы делегация ўәкиллери Қарақалпақстан медицина институтында болды. Мәдений илажлардан соң институттың мәжилислер залында делегация ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.