Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатларының орайлық ҳәм қубла штатларында жүз берген аянышлы торнадолар ақыбетинде көплеген инсанлардың қурбан болғаны, жарақатланғаны ҳәм үлкен апатшылықлар көрилгени мүнәсибети менен Президент Дональд Трампқа кеўил айтыў хатын жоллады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Вашингтон қаласындағы Рональд Рейган атындағы аэропорт аймағында жүз берген аянышлы авиа апатшылық ақыбетинде көплеген инсанлар қайтыс болғаны мүнәсибети менен Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трампқа қайғырыў хатын жоллады.
Мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына сабыр-тақат ҳәм абаданлық, жәбирленгенлердиң тез арада саўалып кетиўин тиледи.
Ол Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери атағы менен де сыйлықланған.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Нью-Орлеан қаласында жүз берген терроршылық ҳәрекети ақыбетинде көплеген инсанлар қурбан болғаны мүнәсибети менен Америка Қурама Штатлары Президенти Жозеф Байденға кеўил билдириў хатын жоллады.
Бүгин, 27-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Әзербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги елшиханасына барып, елши Гусейн Гулиев арқалы пүткил туўысқан Әзербайжан халқына кеўил билдирди.
Президент Шавкат Мирзиёев Германияның Магдебург қаласында жүз берген апатшылық ақыбетинде инсанлар қайтыс болғаны ҳәм аўыр жарақат алғаны мүнәсибети менен Президент Франк-Вальтер Штайнмаерге кеўил билдирди.