11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди.
Быйыл елимизде мийнеткешлердиң ҳақыйқый байрамы – кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы ҳәм 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни жоқары қуўаныш ҳәм көтериңки руўхта белгиленбекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-октябрь күни кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм ветеранлары менен ушырасыў өткерди.
Ҳүкимет қарары (72-сан, 10.02.2025 ж.) менен "Юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимлерин ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин есапқа қойыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, тийисли министрликлер ҳәм басқармалардың ўәкиллери менен кәсиплик аўқамлары белсендилериниң «Мийнет тараўындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди. Илажды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов алып барды.