Саҳыпқыран Әмир Темур ғәрезсизлик ушын гүресте, күшли орайласқан мәмлекет дүзиўде пүткил дүньяға көрсеткен уллы ақыл-парасаты, кеңпейиллиги ҳәм Ўатанға садықлығы, беккем руўхы ҳәм дөретиўшилик күшин өзинде жәмледи.
1336-жылы 9-апрельде Кеш қаласы (ҳәзирги Шаҳрисабз) жанында аты жәҳән тарийхына мәңги кирген инсан дүньяға келди. Сырдәрьяның жағалаўларынан Орта тенгизге дейин созылып жатқан қүдиретли мәмлекетти қурған да сол. Уллы ҳүкимдар ана журтына тынышлықты қайтарыў менен бирге, мәмлекет басқарыўы ҳәм хожалық қатнасықлары, илим ҳәм билимлендириў, мәденият ҳәм руўхыйлық мисли көрилмеген дәрежеде раўажланған ең ири империялардан бирин қурды.
Соның менен бирге, XIV әсир орталарындағы Маўараўннахр сиясий тәртипсизлик аймағы екенлигин есте сақлаў зәрүр. Шағатай улысы бир-бирине душпан улысларға бөлинип кетти, жергиликли ақсүйеклер тынымсыз соқлығысыўларда ҳәкимиятты бөлисип алды, саўда жоллары қараўсыз қалды.
Усы орталықта Әмир Темурдың сиясий даналығы қәлиплести. Нызамлы аўқамлар, әскерий кампаниялар ҳәм тийкарынан әҳмийетли болған ҳуқық арқалы дүзиўге туўра келди. "Темур тузуклари" деп аталған сиясий трактатта Саҳыпқыранның басқарыў философиясы: ҳәкимият қорқынышқа емес, ал нызамның әдиллигине ҳәм мәмлекет институтларының ақылға муўапық дүзилисине сүйенетуғыны көрсетилген. Бул тезис конкрет ҳәкимшилик әмелият пенен беккемленди.
1370-жылға келип сәркарда орайласқан мәмлекет дүзип, оның пайтахты Самарқанд деп жәрияланды. Ол дүзген басқарыў системасы әскерий ҳәм пуқаралық ўазыйпаларды ажыратыўға, қатаң финанслық қадағалаўға ҳәм тайынланатуғын найыблары бар улыслар тармағына сүйенди. Ҳәр қыйлы тиллерге, дәстүрлерге, диний тәртиплерге ийе болған ҳәр қыйлы аймақлар әскерий қатнаслар менен емес, ал ҳуқықый нормалар, саўда жеңилликлери ҳәм мәдений алмасыўдың мақсетли сиясати менен услап турылды.
Әдил басқарыў ҳәм институционаллық логиканың билимли тең салмақлылығы бизиң бабамызды өз дәўириниң көпшилик ўәкиллеринен ажыратып турады.
Жумсақ күш сиясаты
Тарийхшылар Екинши Шығыс ояныўы ҳәм Темурийлер Ренессансы ҳаққында сөз еткенде, Саҳыпқыранның дөретиўшилер ушын барлық шараятларды жаратып, ең батыл жойбарларға қәўендерлик етип, инсаниятқа инам еткен имаратлары, илимпазлары ҳәм китаплары ҳаққында сөз етеди.
Кең көзқараслы ҳәм нәзик аналитикалық ақылға ийе болған дана сиясатшы, бәринен бурын, дөретиўши сыпатында тарийхқа кирди. Мәселен, оның сарайында математик ҳәм астроном Қазызада Румий жумыс алып барған, соңынан бирнеше әўлад белгили илимпазларға устаз болған, сондай-ақ, тарийхшы Низамиддин Шомий Әмир Темурдың биринши толық өмирбаянын ҳәм оның жаўынгерлик жумыслары ҳаққында рәсмий "Зафарнама" шығарған.
Уллы бабамыздың ҳүкимдарлығы дәўиринде Самарқанд глобал көлемдеги қурылыс майданына айланды: Регистан, Бибиханым мешити, Шоҳи Зинда ансамбли Иран, Ҳиндстан, Қытай, ҳәзирги Әзербайжан аймақларынан усталар тартылып қурылды. Сәркарда ең жақсы архитекторлар, гүлаллар ҳәм каллиграфларды пайдаланып пайтахтқа алып келген. Бул мәдений трансфер усы күнге шекем дүньяның ҳешбир жеринде тәкирарланбайтуғын сийрек ушырасатуғын архитектуралық синтезди пайда етти.
- Темурийлер дәўириндеги илимий жетискенлик пайтахтымызды пүткил регион зиялылары ушын тартымлы жерге айландырған Саҳыпқыранниң мәдений дипломатиясынан келип шыққан, - дейди Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Тарийх институтының профессоры, тарийх илимлериниң докторы Адҳам Аширов. - Онын генже баласы Шаҳрух ҳәм ақлығы Улуғбек өз ҳәкимшилигинде де усы траекторияны даўам еттирди. Улуғбек тәрепинен 1420-жыллары қурылған Самарқанд обсерваториясы он жыллар даўамында дүньядағы ең анық астрономиялық әсбап болып қалды.
Саўда сиясаты усы архитектуралық ҳәм илимий умтылысларды қоллап-қуўатлады. Әмир Темур дәўиринде Уллы жипек жолы мәмлекетлик система сыпатында жумыс алып барған: кәрўанлардың қәўипсизлиги орайлық ҳәкимият тәрепинен кепилленген, жоллар бойында рабатлар - байланысқан инфраструктура тармағын қурайтуғын қонақ жайлар қурылған. Өз нәўбетинде, Қытайдан Самарқанд арқалы Европага баратуғын саўдагер сол дәўирдеги қоңсы мәмлекетлерден ҳеш бири усыныс ете алмайтуғын ҳуқықый қорғаўдан пайдаланған.
Уллы стратег ҳәм дипломат
Атақлы бабамыздың әскерий даналығы бир неше тәрептен: өзиниң жылнамаларында, қарсыласларының хатларында, шет ел елшилериниң хатларында жазылған. Бул мағлыўматлардың барлығы тактикалық ийкемлиликти узақ мүддетли стратегиялық есап пенен бирлестирген сәркарданың портретин қурайды.
- Бул бағдарда үш кампания айрықша әҳмийетке ийе, - дейди А.Аширов. 1391-1395-жыллары Алтын Орданың қыйратылыўы арқа саўда тосқынлығын бузды ҳәм Шығыс Европаға жаңа жоллар ашты. 1398-1399-жыллардағы Ҳиндстан атланысы Самарқандқа ҳинд өнерментлерин алып келип, олар жергиликли көркем өнер дәстүрлерин байытты. Ақырында, 1402-жылы Султан Баязид үстинен ерисилген жеңис Батыс Азиядағы күшлер тең салмақлылығын он жылларға өзгертип жиберди ҳәм Константинополға және ярым әсир өмир инам етти.
Кең аудиторияға Саҳыпқыранның дипломатиялық белсендилиги әдеўир аз белгили, бирақ ол сәркарда шахсын пүткиллей жаңа тәрептен ашып береди. Мәселен, ол Француз Карл VI ҳәм Генрих III Кастилийский менен хат жазысып турды, Мин дәўири Қытайы менен елшиханалар алмасты.
Кастилия королының елшиси сыпатында Самарқандқа келген испан хронисти Руи Гонсалес де Клавихо Темурийлер мәмлекети ҳаққында Европаның ең толық дереклеринен бирин жазып қалдырған. Тарийхшылардың атап өтиўинше, бул тексттиң бар екенлиги Әмир Темур дипломатияны әскерий жеңислердиң мәресимли қосымшасы емес, ал сиясаттың толық ҳуқықлы қуралы сыпатында қабыл еткенинен дерек береди.
Заманласлардың жүрегинде
Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин тарийхый парадигманы қайта түсиниўге киристи, онда Әмир Темур тийкарынан жаўлап алыўшы сыпатында сәўлеленген еди. Избе-из республикамыздың ҳәр қыйлы қалаларында естелик орнатылды, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи өз есигин ашты, уллы бабамыздың атындағы орден шөлкемлестирилди. Әмир Темур туўылған Шаҳрисабз ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген.
Усы жылдың 5-февраль күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев "Уллы мәмлекетлик ғайраткер ҳәм сәркарда, илим, мәденият ҳәм көркем өнер қәўендери Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында"ғы қарарға қол қойды. Ҳүжжетте ҳәр жылы апрель айы мектеп, жоқары оқыў орынлары, әскерий бөлимлер ҳәм мәҳәллелерде тематикалық ушырасыўлар өткериў арқалы белгили ҳүкимдар айы деп жәрияланатуғыны белгиленген.
Мәмлекетимиз басшысының қарарында белгиленген және бир ўазыйпа - "Уллы Темурийлер" түсинигин халықаралық илимий атама сыпатында беккемлеў. Байрам илажлары бағдарламасы да жазылған. Мәселен, быйыл 9-10-апрель күнлери Ислам цивилизациясы орайында "Әмир Темур ҳәм Темурийлер цивилизациясының жәҳән тарийхы ҳәм мәдениятындағы орны ҳәм әҳмийети" атамасында халықаралық илимий конференция болып өтпекте.
"Темур тузуклери" жети тилде: парсы, араб, қытай, инглис, француз, испан ҳәм рус тиллеринде илимий-түсиндирме текст пенен басылып шығады. Темурийлер дәўириниң жүз бийбаҳа қолжазбалары ҳәм жүз көркем дүрданалары ҳаққында китап-альбомлар таярланбақта. Жазба дереклердиң электрон платформасы - ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң архивлеринде тарқалған материаллардың агрегаторы изертлеўшилер ушын тийкар болып хызмет етеди.
2026-жыл 1-марттан баслап сырт мәмлекетлерде "Уллы Темурийлер тарийхы ҳәм мәдений мийрасы" улыўма темасы астында презентация ҳәм конференциялар өткерилмекте. Испания, Франция ҳәм Уллы Британияда империяның Европа мәмлекетлери менен дипломатиялық байланыслары ҳаққында ҳүжжетли ҳәм тарийхый-көркем фильмлер көрсетилди. Сырт еллердеги архивлерден усы күнлери Өзбекстанға Саҳыпқыран ҳаққындағы жазба дереклердиң нусқалары алып келинбекте.
Тарийхый тулғаның ҳақыйқый көлеми жеңилген саўашлар саны менен емес, ал оның туўған идеялары кейинги әўладларға қаншелли сораў бериўди даўам еттириўи менен тексериледи. 690 жыл - пүткил мәмлекетлер ҳәм цивилизациялар жоқ болып кеткен мүддет. Бирақ Самарқанд ҳәм Шаҳрисабзда жаратылғанлар - ҳуқықый принциплер, архитектуралық формалар, илимий мәденият - әскерий жеңислерден де узағырақ болып шықты.
Әмир Темурдың тулғасы халқымыздың күш-қүдиретин, оның әдалаты ҳәм шексиз имканиятларын, дүнья цивилизациясына қосқан үлкен үлесин көрсетеди. Оның аты бүгинги күнде де ҳәр бир пуқараның жүрегинде мақтаныш пенен еситилип атырғаны уллы хызметлердиң заман үстинен ерискен жеңисиниң және бир дәлили болып есапланады.
Сабина Алимова.
"Правда Востока".