Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.
Атап айтқанда, қуяш фотоэлектр станциялары (ФЭС) 1 млрд 48 млн кВт саат,
самал электр станциялары (СЭС) 245,7 млн кВт саат электр энергиясын ислеп
шығарды.
Буның есабынан:
344 млн куб метр тәбийғый газди үнемлеў;
атмосфераға 743 мың тонна зыянлы затлар шығарылыўының алдын алыў.
Салыстырыў ушын,
2025-жылдың июнь айында қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен ислеп
шығарылған электр энергиясы 1 млрд 52 млн кВт/с болған.
Июнь айында ислеп
шығарылған "жасыл" электр энергиясы орташа 6,5 миллион хожалықлардың
айлық тутыныўына ямаса 541 мың хожалықтың жыллық тутыныўына туўра келеди.