Ҳүжжет мәлимлемени қорғаў, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик тараўында нормативлик-ҳуқықый базаны, қәнигелер ҳәм илимий кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, бәсекиге шыдамлы миллий техникалық қураллар, жасалма интеллект ҳәм инновациялық IТ-өнимлер жаратыў көлемин буннан былай да кеңейтиўге қаратылған.

Еслетип өтемиз, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети жанындағы Радиоэлектрон системалар ҳәм мәлимлеме технологиялары орайы негизинде Өзбекстан криптология, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм инновациялық технологиялар институты шөлкемлестирилди.

Институттың тийкарғы ўазыйпалары:

криптология, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизлик, мәлимлемени қорғаў, сондай-ақ, ЖИ, үлкен мағлыўматларды қайта ислеў, санлы криминалистика ҳәм санлы технологиялар тараўларында кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў;

санлы технологиялар бағдарлары бойынша фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыў, сондай-ақ, илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларын шөлкемлестириў;

мәлимлеме ресурслары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларының киберқәўипсизлик талапларына муўапықлығын экспертизадан өткериў ҳәм басқалар.

Институтқа илимий-изертлеў институтлары, республикалық илимий ҳәм аналитикалық орайлардың жетекши қәнигелерин, соның ишинде, сырт ел пуқараларын тартыўға, сондай-ақ, юридикалық шахс статусындағы лабораториялар шөлкемлестириўге руқсат берилди.

Институтта жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў, кадрлардың маманлығын арттырыў, сондай-ақ, пайдаланыўы шекленген мағлыўматларды криптографиялық ҳәм техникалық қорғаў қуралларын сертификатластырыў бойынша хызметлер көрсетиў шөлкемлестириледи.

Фундаменталлық, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар бойынша талапнамаларды олардың таңлаўларда қатнасыўы бойынша экспертизадан өткериў ушын тараў илимпазлары, республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң жоқары маманлықтағы қәнигелеринен ибарат илимий-техникалық кеңес шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, Бюджеттен тысқары Институтты раўажландырыў қоры шөлкемлестирилип, оның қаржылары миллий ҳәм сырт ел валюталарында төмендегилер есабынан қәлиплестириледи:

ислеп шығарылып атырған техникалық қуралларға хызмет көрсетиў ҳәм оларды сатыў;

қайырқомлық жәрдемлери;

ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 21.08.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».