Қуяш ҳәм самал энергетикасына итибар артып атырған бир шараятта суўдың энергетикалық имканиятына жаңаша қараў да тәбийғый процесс. Бурын оған атызды суўғарыў, халықты суў менен тәмийинлеў, тәбиятты сақлаў қуралы сыпатында қаралған болса, енди оның ағымында электр энергиясы, жаңа инвестиция, жаңа технология ҳәм жаңа жумыс орынлары имканияты да көринбекте.
Өзбекстанда экономика ҳәм халықтың талабы өсип атырған екен, үлкен қуўатлықлар менен бирге көзге киши көринетуғын имканиятларды да иске қосыў зәрүр. Бир суў ағымы, бир қуяш панели ямаса бир самал турбинасы өз алдына алынғанда үлкен нәтийже болмаўы мүмкин. Бирақ мыңлаған усындай имканиятлар бир системаға бирлессе, мәмлекет энергетикасы ушын сезилерли қуўатлыққа айланады.
Усы жағынан мәмлекетимиз басшысының "Мәмлекетте киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары тармағын раўажландырыўдың гезектеги илажлары ҳаққында"ғы қарары тараўдағы имканиятларды әмелиятқа айландырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли. Себеби суўдың бар екенлиги еле электрдиң бар екенлигин билдирмейди. Суўдан энергия алыў ушын анық есап-санақ, исенимли инвестиция, кепилленген базар, заманагөй технология ҳәм маман қәниге керек.
Қарарға муўапық 2027-жыл 1-февральға шекем киши ҳәм микро ГЭСлер ушын потенциаллы орынларды анықлаў, жойбарларды әмелге асырыў ҳәм олардың эксплуатациясын мониторинг етиўге хызмет ететуғын санлы платформа ислеп шығылады. Буның әҳмийети сонда, мәмлекеттеги ҳәр бир канал ямаса суў қурылмасы ГЭС қурыў ушын бирдей қолайлы емес. Қай жерде суў ағысы жетерли, қай жерде электр ислеп шығарыў экономикалық жақтан нәтийжели ҳәм қайсы аймақта тармаққа жалғаныў қолайлы - булардың барлығы алдыннан анық есап-санақты талап етеди.
Сонда суў ресурслары ҳаққындағы мағлыўмат әпиўайы сан болып қалмай, анық инвестиция имканиятына айланады. Инвестор мүнәсип ноқатты излеп ўақыт жойытпайды, жойбардың техникалық-экономикалық потенциалын алдыннан баҳалай алады. Мәмлекет болса қайсы аймақта қанша қуўатлық жаратыў мүмкин екенлигин анық көреди. Яғный санластырыў бул жерде технология ушын емес, имканиятты тезирек нәтийжеге айландырыў ушын керек.
Қарардағы және бир әҳмийетли жаңалық қуўатлылығы 5 мегаваттқа шекемги киши ҳәм микро ГЭСлер ушын инвестор таңлаўда “E-auksion” арқалы жаңа тариф механизми енгизилгени болып есапланады. Енди аукционда тек ғана басланғыш баҳа емес, электр энергиясын сатып алыўдың ең төмен баҳасы да белгиленеди. Бул, бәринен бурын, инвестор ушын анықлық дегени. Ол бәсеки шараятында баҳаны түсириўи мүмкин, бирақ жойбарды экономикалық жақтан нәтийжесиз ҳалға келтириўши шегарадан төменге түспейди.
Тарифлердиң ГЭС қуўатлылығына қарап ҳәр қыйлы белгилениўи де усы логикаға тийкарланған. 500 киловаттқа шекемги микро ГЭСлер ушын басланғыш баҳа II топар тутыныўшылары тарифине салыстырғанда 150 процент, ең төмен баҳа 50 процент; 500 киловатттан 2 мегаваттқа шекемги станциялар ушын 120 ҳәм 40 процент; 2 мегаваттан 5 мегаваттқа шекемги ГЭСлер ушын болса 100 ҳәм 30 процент етип белгиленбекте.
Ҳәр бир жойбардың қуўатлылығы, қәрежети ҳәм өзин ақлаў мүддети бирдей емес. Соның ушын оларға да бирдей қатнас күтилген нәтийжени бермейди. Жаңа тәртип болса бәсекини күшейтиў менен бирге инвестордың экономикалық мәпин де есапқа алыўға қаратылған.
Бул жерде инвестор ушын және бир әҳмийетли тәрепи бар. Энергетикаға киргизилген инвестиция бир-еки жыллық емес. Турбина, генератор, қурылыс ҳәм инфраструктураға қаржы жумсаған исбилермен өз инвестициясын жыллар даўамында қаплайды. Соның ушын электр энергиясын ким сатып алыўы ҳәм қандай шәртлерде сатып алыўы жойбардың өзи сыяқлы әҳмийетли. Тариф механизминиң анық белгилениўи мине усы исенимди қәлиплестириўге хызмет етеди.
Қарарда киши ҳәм микро ГЭСлерди қурыўда қоршаған орталыққа байланыслы және социаллық талапларды мәжбүрий есапқа алыў белгиленгени де усы көзқарастан әҳмийетли. Демек, энергетикалық нәтийжелилик пенен экологиялық жуўапкершилик бир-биринен ажыралмаслығы керек. Дәрьяның ағысынан электр алыў мүмкин, бирақ оның тәбийий тең салмақлығы есабынан емес.
Бул қатнастың қаншелли зәрүр екенин әмелдеги нәтийжелер де көрсетпекте. Президентимиздиң 2025-жыл 28-марттағы "Республика аймақларында микро гидроэлектр станциялары қуўатлықларын раўажландырыў ҳәм тараўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен жеке меншик сектордың қатнасыўында 164 мегаватт қуўатлылыққа ийе дерлик 3 мың киши ҳәм микро ГЭС қурыў белгиленген еди. Бүгин 64 жойбар иске қосылып, олардың улыўма қуўатлылығы 41,6 мегаваттқа жетти. Бул ҳәрекет басланғанын көрсетеди. Бирақ белгиленген мақсет пенен салыстырғанда, еле үлкен резерв бар. Дерлик 3 мың жойбардан 932 си бойынша интакер анықланғаны, 150 миллион долларлық жеңиллетилген қаржылардан пайдаланыў пәти де жоқары емес екенлиги тараўдағы тийкарғы ўазыйпа жойбарларды идеядан әмелге асырыў басқышына тезирек алып шығыў екенин көрсетеди.
19-август күни мәмлекетимиз басшысы киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары тармағын раўажландырыўдың гезектеги илажлары бойынша презентация менен танысты. Енди тийкарғы итибар жаңа жойбарлардың санын белгилеў емес, ал оларды иске қосыўға тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыўға қаратылмақта.
Бүгин инвестор ушын ең әҳмийетли мәселелерден бири - жойбардың экономикалық нәтийжесин алдыннан көре билиў. Станция қурылады, үскене орнатылады, электр ислеп шығарылады. Бирақ оны қандай шәртлерде сатыў мүмкин екенлиги анық болмаса, инвестор ушын риск жоқары болып қала береди. Соның ушын аукционда электр энергиясын сатып алыў тарифиниң ең төменги шегин белгилеў ҳәм оны станцияның қуўатлылығына қарап дифференциялаў усынысы инвестициялық орталықты анықластырыўға қаратылған.
Бул жерде мақсет тек ғана инвесторға қолайлы шараят жаратыў емес. Базарда бәсеки сақланыўы, бир ўақыттың өзинде экономикалық жақтан әмелге аспайтуғын усыныслар пайда болмаўы керек. "Ноль" мәнисинде жеңип шыққан, кейин болса әмелге аспай қалған жойбар қағазда жақсы көрсеткиш бериўи мүмкин. Бирақ энергетика ушын оның әмелий қуны жоқ. Соның ушын тийкарғы норма жойбардың аукционда жеңиўи емес, станцияның өз ўақтында қурылып, электр ислеп шығарыўы болып есапланады.
Киши қуўатлылықтағы жойбарлар ушын ҳәкимшилик тәртиплерди әпиўайыластырыў да усы мақсетке хызмет етеди. 100 киловаттқа шекемги микро ГЭСлерди жойбарластырыў ҳәм қурыўдың жеңиллестирилиўи, 50 киловаттқа шекемги объектлерге айырым экспертиза ҳәм қадағалаў талапларының енгизилмеўи жергиликли исбилерменлер ушын тараўда жаңа имканиятлар ашады. Бул, әсиресе, үлкен инвестиция талап етпейтуғын, бирақ аймақтағы белгили бир энергия талабын қаплай алатуғын жойбарларды көбейтиў ушын әҳмийетли.
Суў хожалығы объектлеринде өз мүтәжлиги ушын киши ҳәм микро ГЭСлерди аукционсыз қурыў имканияты да әмелий әҳмийетке ийе. Бунда электр энергиясы ислеп шығарылатуғын орын менен оны пайдаланатуғын объект арасындағы аралық қысқарады. Канал, дәрья ҳәм өзеклерде қосымша суў басымынан пайдаланыў имканияты болса бар инфраструктураны жаңа ўазыйпаға тартады.
Негизинде, киши гидроэнергетиканың үлкен имканияты да сонда. Жаңа ири имаратлар қурыў менен бир қатарда, мәмлекетте әллеқашан бар болған суў хожалығы системасынан нәтийжели пайдаланыў мүмкин. Өзбекстандағы дәрья ҳәм каналлар тармағы 173 мың километрден аслам екени бул имканияттың көлемин көз алдымызға келтириўге жәрдем береди. Әлбетте, оның барлық бөлеги ГЭС ушын сәйкес келмейди. Бирақ бетонланған каналлар ҳәм суў ағымы энергетикалық жақтан қолайлы болған ноқатларды толық хатлаўдан өткериў жаңа жойбарлардың резервин анықлаў имканиятын береди.
Бул процессте санлы платформа да әҳмийетли қуралға айланады. Жойбар ушын орын таңлаў, оның потенциалын баҳалаў, қурылыс ҳәм эксплуатация процесин бақлаў бирден-бир системаға бирлессе, инвестор ушын да, мәмлекет ушын да қарар қабыл етиў аңсатласады. Ең әҳмийетлиси, бул система суў ресурслары ҳаққындағы мағлыўматты әмелий инвестиция имканиятына айландырыўы керек.
Тараўдағы кейинги мәселе болса станциялар санынан көре, олардың технологиялық тәмийнатына байланыслы. Ҳәзирги ўақытта киши ҳәм микро ГЭСлер ушын зәрүр гидроагрегат ҳәм комплектлеўши бөлеклердиң 90 проценти импорт етилип атырғаны бул бағдарда жергиликли өндиристи раўажландырыў зәрүрлигин көрсетеди.
Дерлик 3000 станцияның қурылысы режелестирилип атырған шараятта буны тек ғана импортқа байланыслылық машқаласы сыпатында көриў азлық етеди. Бул соның менен бирге ишки санаат ушын үлкен базар да болып есапланады. Турбина, генератор, автоматика, металл конструкциялар, аўысық бөлеклер ҳәм сервиске турақлы талап пайда болады. "Өзбекгидроэнерго"ның 46 киши ҳәм микро ГЭС қурыўда топлаған тәжирийбеси болса жеке меншик сектор ушын әмелий база болып хызмет етиўи мүмкин.
Усы мәнисте локализациялаўдың мақсети тек ғана импорт үлесин азайтыў менен шекленип қалмаўы керек. Тийкарғы ўазыйпа - киши гидроэнергетика әтирапында өзиниң жойбарлаў, үскене ислеп шығарыў, монтажлаў, сервис ҳәм оңлаў шынжырын қәлиплестириў. Сонда жаңа ГЭСлер электр энергиясы менен бирге жергиликли санаат ушын да жаңа талап жаратады.
Тармақтың узақ мүддетли нәтийжелилиги болса кадрлар мәселесине барып тақалады. Жаңа оқыў жылынан киши қуўатлылықтағы "жасыл" энергетика бағдарларында дуал билимлендириў системасының енгизилиўи усы талапты қанаатландырады. Студентлердиң энергетика кәрханалары ҳәм киши гидроэнергетика объектлеринде әмелият өтеўи болажақ қәнигени жумыс процесиниң өзинде таярлаў имканиятын береди.
2030-жылға шекем киши ҳәм микро ГЭСлердиң қуўатлылығын 204,8 мегаваттқа жеткериў ҳәм жылына 620 миллион киловатт саат экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыў режелестирилген. Бул 350 мың шаңарақты "жасыл" энергия менен тәмийинлеў, 187 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеў ҳәм атмосфераға 311 мың тонна карбонат ангидрид шығыўының алдын алыў имканиятын береди.
Энергетикада үлкен нәтийжелер барлық ўақытта үлкен имаратлардан басланбайды. Гейде мәмлекеттиң ертеңги қуўаты бүгин итибар берилмеген киши имканиятлар қушағында жасырын болады. Киши ҳәм микро ГЭСлер мәселесине усы көзқарастан қарағанда, гәп бир неше мегаватт қуўатлылық ҳаққында емес. Гәп бар имканиятты қәдирге айландыратуғын пикирлеў ҳаққында бармақта.
Бүгинги ўазыйпа - тек ғана көбирек станция қурыў емес. Ҳәр бир жойбар экономикалық жақтан тийкарланған, технологиялық жақтан турақлы ҳәм аймақтың талабына сай болыўы керек. Сонда киши ГЭС өз алдына бир объект болып қалмастан, инвестиция, жергиликли өндирис, жаңа кәсиплер ҳәм аймақлық раўажланыўды бир ноқатта бирлестиретуғын экономикалық механизмге айланады.
Энергетикада ертеңги турақлылық бүгин қандай имканиятларды көре алыўымызға байланыслы. Өзбекстан ушын киши гидроэнергетика мине усындай имканиятлардан бири болып есапланады. Оны дурыс шөлкемлестириў, жеке меншик баслама менен үйлестириў ҳәм жергиликли потенциал менен беккемлеў арқалы киши қуўатлықларды үлкен миллий нәтийжеге айландырыў мүмкин.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы