Басқарма мағлыўматларына бола, 16-июль күни мәмлекеттиң Бирден-бир энергетика
системасында жаздағы энергия тутыныўының жаңа рекорды - 291 миллион кВт/саат
орнатылды, бул өткен жылғы максимал көрсеткиштен 18,4 миллион кВт/саатқа (6,7
процент) көп. Усы күни электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша да рекорд -
295,4 млн кВт·саат белгиленип, алдыңғы суткаға
салыстырғанда 4 млн кВт·саатқа
(1,37 процент) көп болды.
Министрликтиң мәлим етиўинше, ҳаўа температурасының жоқары болыўы электр
узатыў линиялары ҳәм үскенелериниң қызып кетиўине алып келмекте,
кондиционерлер, музлатқышлар ҳәм басқа да турмыслық техникалардан ғалаба
пайдаланыў тармақларға жүклемени сезилерли дәрежеде арттырмақта. Бундай шараятта авариялық жағдайлар ҳәм үскенелердиң
истен шығыў қәўпи артады.
Үлкен
технологиялық үзилислердиң алдын алыў мақсетинде диспетчерлик хызметлери
тармақтың ең көп жүкленген бөлимлерине жүклемени ўақтынша азайтады. Буның ушын
айырым аймақларда электр тәмийнатына 2 саатқа шекем қысқа мүддетли шеклеўлер
киргизилмекте.
Атап айтқанда,
Қашқадәрья ўәлаятының Көкдала ҳәм Шырақшы районларында 1 мың 750 тутыныўшы;
Жиззақ ўәлаятының Шараф Рашидов ҳәм Замин районларында 1 мың 200 тутыныўшы;
Хорезм ўәлаятының Шовот, Гүрлен ҳәм Қоскөпир районларындағы 1 мың 300
тутыныўшы; Ташкент ўәлаятының Ташкент ҳәм Зангиата районларында 1000 тутыныўшы.
Министрликтиң
атап өтиўинше, бундай шеклеўлер бир неше күн даўамында сапластырылыўы мүмкин
болған айрықша авариялардың алдын алыў имканиятын береди. Аймақларда авария
бригадалары күни-түни жумыс ислеп, пайда болған насазлықларды жеделлик пенен
сапластырмақта.
Сондай-ақ,
басқарма халықтан электр энергиясынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм жүклемениң ең
жоқары болған саатларында электр энергиясынан пайдаланыўды имканы болғанынша
азайтыўды сорап, бул арқалы энергетика системасына жүклемени азайтыў ҳәм
көлемли үзилислердиң алдын алыў мүмкин екенлигин атап өтти.
Энергетика
министрлиги ўақтынша келтирилген қолайсызлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим
сорап, энергетика системасының турақлы ислеўин тәмийинлеў ушын барлық зәрүр
илажларды көрип атырғанын мәлим етти.