Соңғы жылларда мәмлекетимизде қала халқының үлеси 50 проценттен асты, келеси жылларда бул көрсеткиш және де артыўы күтилмекте. Халықтың саны ҳәм қурылыс пәтлериниң өсиўи қала қурылысы режелерин заман талаплары тийкарында ислеп шығыў, жасыл аймақларды сақлаў, тарийхый-мәдений мийрасты қорғаў, инженерлик ҳәм транспорт инфраструктурасын үйлесимли раўажландырыўды барған сайын әҳмийетли мәселе етип қоймақта.

Бүгинги күнде республикамыздағы 8 мың 604 елатлы пункттен 2 мың 506 сы, яғный 29 проценти бас реже менен қамтып алынған. 2026-жылы және 154 ҳәм 2027-жылы 144 елатлы пункттиң бас режесин ислеп шығыў режелестирилген. Әмелдеги бас режелерден 1 мың 44 и электрон форматқа өткерилди.

Соның менен бирге, 2024-2025-жылларда айырым аймақларды раўажландырыў бойынша 275 мастер-реже ислеп шығылған болса да, олардың бирден-бир есабы жүргизилмей атыр, бас режелер менен байланыстырылмаған. Бул болса аймақларды комплексли раўажландырыў, инфраструктура, транспорт, инженерлик тармақлары ҳәм социаллық объектлерди өз-ара муўапықластырып режелестириўде бир қатар машқалаларды пайда етпекте.

Соның ушын бас ҳәм мастер-реже менен ислесиў бойынша жаңа система усыныс етилди. Оған муўапық, биринши басқышта бас режелер бойынша мәлимлемелер толық жыйналып, жаңаланады, екинши басқышта санластырылады, үшиншисинде мониторинг системасы жолға қойылады, төртиншисинде комплексли мәлимлеме-таллаў системасы қәлиплестириледи.

Бул процесс шеңберинде қала қурылысы ҳүжжетлериниң бирден-бир электрон реестри жүргизиледи. Дизимнен өтпеген ҳүжжетлер юридикалық күшке ийе болмайды. Урбанизация орайына қала қурылысы геомәлимлеме системасын жүргизиў, комплексли қурылыс процесслеринде топогеодезия жумысларын муўапықластырыў, сондай-ақ, аймақлық архитектура-режелестириў кеңеслериниң жумысын методикалық жақтан тәмийинлеў бойынша қосымша ўазыйпалар жүкленеди.

Урбанизация, геодезия, кадастр, жойбарластырыў, агломерацияларды басқарыў ҳәм геомәлимлеме системалары тараўларында ислей алатуғын орта ҳәм жоқары дәрежедеги қәнигелерге талап артып бармақта.

Усы мақсетте Ташкент геодезия ҳәм картография техникумын Урбанизация, геодезия ҳәм кадастр техникумы етип қайта шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Онда өлшеў жумыслары, кадастр ҳәм геодезия бағдарлары бойынша орта буўын қәнигелери, компьютер графикасы ҳәм дизайн операторлары, компьютер кадастр бағдарламалары бойынша қәнигелер таярланады.

Жоқары билимлендириў системасында Ташкент архитектура-қурылыс университетинде "Заманагөй урбанизация ҳәм агломерацияларды басқарыў" факультетин ашыў режелестирилген.

Сондай-ақ, барлық аймақларда урбанизация, жойбарлаў ҳәм архитектурадан ибарат креатив парклер шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Оларда лабораториялар, конструкторлық устаханалар, программалық тәмийнат ҳәм жойбарлаў хызметлери, онбординг, нетворкинг ҳәм коворкинг майданлары шөлкемлестириледи. Креатив парк резидентлери ушын физикалық шахслардың дәрамат салығы ҳәм социаллық салық бойынша жеңилликлер нәзерде тутылмақта.

Презентацияда қала қурылысы тараўында ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти күшейтиў мәселеси де көрип шығылды. Нызамсыз ҳәм өзбасымшалық пенен қурылыс ислеў, қурылыс мүддетлерин жасалма созыў, жер участкаларынан нәтийжесиз пайдаланыў сыяқлы машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.

Ҳәзирги жәриймалар жетерли шеклеў тәсирине ийе емес екени көрсетип өтилди. 2025-жылы 1 мың 952 нызамсыз қурылыс анықланған. Усы мүнәсибет пенен ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкцияларды күшейтиў усыныс етилди.

Үлеслик тийкарында көп квартиралы турақ жайлар қурыў тараўындағы жағдай да талланды. Кейинги жылларда бундай турақ жайлардың қурылыс көлеми 2,5 есеге артып, өткен жылы 11 миллион квадрат метрден артты. Соның менен бирге, үлеске тийкарланған турақ жай қурылысы менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар саны да артқан. Тек ғана өткен жылдың өзинде 3 мыңға шамалас пуқараға 668 миллиард сумлық зыян жеткерилген.

Соның ушын үлеслик қурылыс ҳаққында нызам жойбары ислеп шығылды. Онда үлеслик қурылыс жойбарларын жаңаша қатнаслар тийкарында тәртипке салыў, пуқаралардың қаржыларын қорғаў, қурылыс процесслериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, үлеслик қурылысты қаржыландырыўдың жаңа механизми – эскроу-есаплары додаланды. Бундай системада қарыйдарлардың қаржылары ўәкилликли банктеги арнаўлы есап бетлеринде сақланып, қурылыс жумыслары белгиленген шәртлер тийкарында орынланғаннан соң ғана қурылысшыға өткериледи.

Эскроу системасы төрт тийкарғы қағыйдаға тийкарланады. Бириншиден, эскроу есап бетлерине келип түскен қаржылар кредиторларды өндириўге қаратылыўы мүмкин емес. Екиншиден, инвестор ҳәм қурылысшылар тек ғана ўәкилликли банклер арқалы жумыс алып барады. Үшиншиден, қаржылар тапсырыў актине қол қойылғаннан соң қурылысшыға өткериледи. Төртиншиден, шәртнама бийкар етилгенде пайдаланыўшының қаржылары толық қайтарылады.

Жаңа системада “Uy-joy” бирден-бир мәлимлеме платформасы әҳмийетли орын ийелейди. Онда барлық қурылыс процесслери ашық электрон форматта алып барылады, девелоперлердиң рейтинги, руқсат етиўши ҳүжжетлер, жойбар ҳәм қурылыстың барысы, эскроу есап бетлери ҳәм шәртнамалар ҳаққындағы мағлыўматлар бирлестириледи.

Презентацияда атап өтилгениндей, бүгинги күнде бир қурылыс объекти бойынша мағлыўматлар бир неше мәлимлеме системаларында жүргизилмекте. “UzKad”, “E-auksion”, “E-qaror”, “Шаффоф қурилиш”, “Менинг уйим” сыяқлы системалар арасында өз-ара байланыс болмағаны себепли жер участкасы, жойбар ҳүжжетлери, экспертиза, қурылысқа рухсатнама ҳәм объектти пайдаланыўға тапсырыў ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр қыйлы ҳалда қәлиплеспекте.

Сонлықтан қурылыс процесслерине бирден-бир идентификатор, аймақтың санлы паспорты, жойбардың санлы паспорты ҳәм объекттиң санлы паспортын енгизиў усыныс етилди. Бул объекттиң пүткил турмыслық дәўирин бирден-бир санлы контурда қамтып алыў имканиятын береди.

Қала қурылысын реновациялаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Республикамызда 1991-жылға шекем қурылған 17 мың турақ жайдың орнына заманагөй, энергия үнемлейтуғын, зәрүр инфраструктура менен тәмийинленген көп қабатлы турақ жайларды қурыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Усы күнге шекем реновация процесслерин тәртипке салатуғын бирден-бир нызам жоқ еди. Усы мүнәсибет пенен қала қурылысын реновациялаў ҳаққындағы жаңа нызам жойбары ислеп шығылды. Онда реновация зоналары, халықтың разылығын алыў, компенсация ҳәм көшириў тәртиби, инвесторлардың миннетлемелери ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери анық белгиленеди.

Реновация жойбарлары есабынан ескирген турақ жай фондын жаңалаў, халық ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы жасаў шараятларын жаратыў, инженерлик-коммуникация тармақларын модернизациялаў, жасыл аймақлар ҳәм социаллық инфраструктураны кеңейтиў нәзерде тутылған.

Президентимиз қала қурылысы ҳәм урбанизация тараўындағы реформалар халық ушын қолайлы орталық жаратыў ҳәм турақлы раўажланыў принциплерине тийкарланыўы зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге бас режелер ҳәм мастер-режелерди санластырыў, “Uy-joy” бирден-бир платформасын иске қосыў, үлеслик қурылыста пуқаралардың ҳуқықлары кепиллигин тәмийинлеў, эскроу механизмлерин енгизиў, реновация тараўында анық ҳәм әдил тәртиплерди қәлиплестириў бойынша тапсырмалар берилди.