Ушырасыў алдында мәмлекетимиз жетекшиси туўысқан Тәжикстанның экономиканың турақлы өсиўин тәмийинлеў, инвестицияларды тартыў, инфляцияны тоқтатыў ҳәм халықтың реал дәраматларын арттырыўда ерисип атырған жоқары жетискенликлери Өзбекстанды шын жүректен қуўандыратуғынын атап өтти.
Тәжикстан Өзбекстанның исенимли стратегиялық шериги ҳәм аўқамласы болып табылады. Мәмлекетлеримиздиң мақсетлери, көзқараслары ҳәм умтылыслары бирдей екени, еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.
Сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўларда
Парламентлер ҳәм ҳүкиметлер, аймақлар басшылары ҳәм зыялылар дәрежесиндеги ушырасыўлар турақлы өткерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өткен жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў дерлик бир миллиард долларға жетти. Санаат кооперациясы жедел раўажланбақта - ҳәзирги күнде мәмлекетимизде 500 ден аслам қоспа кәрхана жумыс алып бармақта.
Транспорт байланысы кеңеймекте. Пайтахтлар арасында ҳәптесине 10 авиарейс әмелге асырылады.
Өзбекстан Президенти бул ретки саммитке таярлық көриў бойынша үлкен жумыслар исленгенин мәлим етти.
Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилислери, аймақлар, ректорлар, илимпазлар, жаслар, таллаў орайларының форумлары, Тәжикстан мәденияты ҳәм кино күнлери ҳәм басқа да бир қатар әҳмиетли илажлар табыслы өткерилди.
Бүгинги нәтийжели сөйлесиўлер ҳәм Мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисинде кең көлемли мәселелер додаланды, көп қырлы шерикликти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетли ўазыйпалары белгилеп алынды.
Барлық дәрежелерде жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў, халықаралық ҳәм регионаллық структуралар, соның ишинде, Мәсләҳәт ушырасыўлары ҳәм "Орайлық Азия плюс" форматлары шеңбериндеги сөйлесиўди кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Бирге ислесиўдиң экономикалық бағдарын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Еки мәмлекет ҳүкиметлерине айрықша бағдарлама тийкарында товар алмасыўды еки миллиард долларға жеткериў бойынша әмелий илажлар көриў тапсырылды.
Оның ушын "Айбек-Фотеҳобод" саўда зонасын шөлкемлестириў жеделлестириледи, энергетика, геология, металлургия, тоқымашылық, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда 2 миллиард долларлық басламалар менен Кооперация бағдарламасы әмелге асырылады.
Тәреплер бул жойбарларды алға қойыўда Биргеликтеги инвестициялық компанияның потенциалынан белсене пайдаланыўға келисип алды.
Транспорт-транзит тараўына да айрықша итибар қаратылды. Жүк тасыўда электрон рухсатнама системасын енгизиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды, авиация ҳәм темир жол қатнаўларын кеңейтиў, шегара пунктлеринде өткериў қәбилетин арттырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Барлық муўапықластырылған илажлардан тийкарғы мақсет - бизнес ҳәм пуқаралар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, аймақлардың саўда-экономикалық шерикликти кеңейтиў драйвери сыпатындағы потенциалын иске қосыўдан ибарат.
Бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири суў-энергетика тараўындағы бирге ислесиў болып есапланады.
"Жасыл" энергетика бойынша ири жойбарларды биргеликте алға қойыў, суўды бөлистириў, суў объектлерин автоматластырыў ҳәм санластырыў мәселелерин муўапықластырыўға таяр екенлиги тастыйықланды.
Мәдений-гуманитарлық байланыслар халықлар арасындағы дослықтың исенимли көпири болып қалмақта. Бирге ислесиў шеңберинде Абдураҳмон Жомий ҳәм Әлийшер Наўайы дослығы ҳаққында фильм таярланып, Жаңа Ташкент көшелеринен бирине Душанбе қаласының аты берилди.
Жыллық календарь тийкарында билимлендириў, туризм, жаслар тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириў нийети билдирилди.
Еки мәмлекеттеги ири өзбек ҳәм тәжик диаспораларын қоллап-қуўатлаў, мәдений орайларды кеңнен раўажландырыў, ана тили, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин қәстерлеп сақлаў мақсетинде мәдений-гуманитарлық тараўда бирге ислесиў бойынша комплексли бағдарлама таярланады.
Жуўмағында бул тарийхый сапардың нәтийжелери аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўге, сондай-ақ, туўысқан мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық мақсетлерине ҳәр тәреплеме хызмет ететуғыны атап өтилди.